Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпаларына бағышланған мәжилис болып өтпекте.

Президент бүгин додаланатуғын илажларға 1,1 миллиард доллар ҳәм 10 триллион сум қаратылып атырғанын атап өтти.

Хорезмде киши ҳәм орта бизнести және де қоллап-қуўатлаў ушын жеңиллетилген шәртлерде 100 миллион доллар ажыратылатуғыны белгиленди. Соның есабынан 5,5 мың исбилерменге жәрдем көрсетилип, 50 мың турақлы жумыс орны жаратылады.

Әмиўдәрьяның үстинен жаңа көпирдиң қурылыўы көп жыллық машқаланы шешти. Ең әҳмийетлиси, халықтың 2 саатлық ўақыты үнемленетуғын болды, темир жолда жүк тасыў қәрежетлери 1 вагон ушын 600 мың сумға арзанламақта.

Бул – тәбийғый шийки зат резервлери аз болған Хорезм исбилерменлери ушын жаңа имканият, санаат ҳәм хызметлер ушын болса оғада үлкен түртки.

ӨзА