Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Бүгинги күнде халық билимлендириў системасында жәми 15359 билимлендириў мәкемеси, соның ишинде,  4893 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 9680 улыўма орта билим бериў мектеби,  23 Меҳрибанлық үйи, 304 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 211 «Бәркамал әўлад» орайы, 227 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби жумыс алып бармақта. Оларда орта арнаўлы, кәсип-өнер колледжлери менен билим бериў орынларын питкерген 97 564 педагог кадрлар жумыс алып бармақта.

Сол билимлендириў мәкемелериниң мектепке шекемги, баслаўыш, музыка, сүўретлеў өнери, шет тиллери, мийнет билимлендириўи, денетәрбиясы бағдарлары ҳәм басқа да пәнлер бойынша жоқары мағлыўматлы педагог кадрларға болған талапларын қанаатландырыў, районлар менен аўыллық жерлердеги билимлендириў мәкемелерин жоқары маманлықтағы педагог кадрлар менен тәмийинлеў және оларды таярлаў системасын орынларда шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў арқалы билимлендириў сапасын жақсылаў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң 2017/2018 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелеринде педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлерди шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
  2. Педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлер шөлкемлестирилетуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияға усы дизимге өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Төмендегилер:

жоқары билимлендириў мәкемелериниң қурамында шөлкемлестирилген арнаўлы сыртқы бөлимлердиң бакалавриат билимлендириў бағдарларына қабыллаў орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына және кеминде үш жыл педагогикалық әмелий жумыс стажына ийе болған, мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң талаплары тийкарында қарамағында усы билимлендириў мәкемелери бар болған министрликлер менен ведомстволар тәрепинен берилетуғын усынысқа ийе педагог кадрлардың есабынан әмелге асырылатуғыны;

арнаўлы сыртқы бөлимде оқыў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны. Билимлендириў бағдарлары бойынша бир студентти бир жыллық оқытыўдың баҳасы белгиленген тәртипте әмелге асырылатуғыны;

арнаўлы сыртқы бөлимде оқып атырған студентлерге имтиханларды, тест-сынақларын тапсырыўды, диплом, курс, лаборатория ҳәм басқа да оқыў жумысларын орынлаў ўақтында олардың айлық мийнет ҳақылары тийкарғы жумыс орнында сақланған ҳалда бир оқыў жылында еки мәрте бир айдан оқыў дем алысы берилетуғыны. Онда оқыў дем алыслары қағыйда түринде улыўма билим бериў мәкемелериндеги қысқы ҳәм жазғы дем алыс ўақтына туўра келген дәўирде берилип, оларға белгиленген тәртиптеги жыллық мийнет дем алысларын бериў тәртиби де сақланып қалатуғыны;

студентлердиң жоқары билимлендириў мәкемесинде оқыўда болған дәўирине туўра келетуғын оқытыў саатлары оқыўға жиберген билимлендириў мәкемесиниң оқытыўшылары (хызметкерлери) тәрепинен мийнетке саатына қарай ҳақы төлеў шәртлери тийкарында өтилетуғыны;

арнаўлы сыртқы бөлимниң студентлери оқыўға кириўде усыныс беретуғын министрлик ямаса ведомство, жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм студент арасында оқыўды жуўмақлағаннан соң усыныс берген шөлкемниң жолламасында көрсетилген жумыс орнында (билимлендириў мәкемесинде) бес жылдан кем болмаған мүддетте жумыс ислеп бериў миннетлемеси менен үш тәреплеме шәртнама дүзилетуғыны;

арнаўлы сыртқы бөлимлерде билимлендириў бағдарларының өзгешелигине қарай бир оқытыўшыға туўра келетуғын студентлер санының көрсеткиши  нызам ҳүжжетлеринде белгиленген нормативлер тийкарында белгиленетуғыны;

жоқары билимлендириў мәкемесинде арнаўлы сыртқы бөлимниң оқыў процесин шөлкемлестириўге факультет деканы статусындағы бөлим баслығы басшылық ететуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияға 2017/2018 оқыў жылы ушын:

жоқары билимлендириў мәкемелериниң арнаўлы сыртқы бөлимлеринде оқыў ушын усыныс беретуғын министрликлер менен ведомстволардың дизимин;

мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң талаплары тийкарында министрликлер менен ведомстволар тәрепинен берилген усынысларды инабатқа алған ҳалда арнаўлы сыртқы бөлимлерге қабыллаў квоталарын;

арнаўлы сыртқы бөлимлерге қабыллаў тәртиби менен өлшемлери және үш тәреплеме шәртнама түрин тастыйықлаў ҳуқықы берилсин.

Келеси оқыў жылларына қабыллаў квоталары жоқары билимлендириў мәкемелери ушын белгиленген тәртипте белгиленеди.

  1. Педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлерди шөлкемлестиретуғын жоқары билимлендириў мәкемелеринде екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат бериў сыртқы билимлендириў түринде шөлкемлестирилсин, онда екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алыў бакалавриат билимлендириў бағдарының 2-курсынан (оқыў режелериндеги пәнлердиң өзгешелигине қарамастын) кеминде 3 жыл мүддет етип белгиленсин.

2017/2018 оқыў жылы ушын арнаўлы сыртқы ҳәм сыртқы билимлендириўде оқыў процеси әдеттегиден өзгеше тәризде быйылғы жылдың 1-октябринен басланағуны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2017-жыл 30-сентябрьге шекем:

2017/2018 оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң арнаўлы сыртқы бөлимине 1-курсқа студентлерди қабыллаў жоқары дәрежеде ҳәм әдалатлы өткерилиўин тәмийинлесин;

жоқары билимлендириў мәкемелериниң арнаўлы сыртқы бөлимлери шөлкемлестирилген билимлендириў бағдарларының оқыў режесин ҳәм пән бағдарламаларын тастыйықласын, сондай-ақ, оларға муўапық пәнлерди оқыў әдебиятлары менен тәмийинлеў илажларын көрсин;

педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлерде сабақ бериўге жоқары потенциалға ийе профессор-оқытыўшылардың қурамын қәлиплестирсин;

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен тастыйықланған штатлар кестеси, дәраматлар менен қәрежетлер сметасына тийисли өзгерислер киргизиўди ҳәм олар белгиленген тәртипте дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университети арнаўлы сыртқы бөлим билимлендириўи бағдарлары бойынша маманлық талапларын, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын және оқыў ҳәм оқыў-методикалық әдебиятларды жаратыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси етип белгиленсин ҳәм оның жанында педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлер шөлкемлестирилген жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў-методикалық жумысын Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Муўапықластырыўшы кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

арнаўлы сыртқы бөлимлер арқалы улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ушын педагог кадрлар таярлаў билимлендириў мазмунының заманагөй талапларға үйлесикли раўажландырылыўын тәмийинлеў және усы процесслерге илимий-методикалық басшылықты әмелге асырыў;

арнаўлы сыртқы бөлимлердиң оқыў процесслерине алдынғы шет ел тәжирийбесин, заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўди есапқа алған ҳалда маманлық талапларын, оқыў режелери менен бағдарламаларын системалы түрде жетилистирип барыў;

арнаўлы сыртқы бөлимлердиң оқыў процесслерине педагогика саласы илимпазлары менен елимиздиң жетик қәнигелери тартылыўын шөлкемлестириў;

педагогика саласының әҳмийетли илимий машқалаларын шешиўге бағдарланған илимий излениўлер, соның ишинде, фундаменталь әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер алып барылыўын муўапықластырыў;

педагогикалық кәсиптиң жәмийеттеги орнын ҳәм абыройын арттырыў, соның ишинде, жасларды оқытыўшылық кәсибине бағдарлаўға қаратылған илажларды шөлкемлестириў;

арнаўлы сыртқы бөлимлер жумыс ислеп атырған жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий-педагогикалық потенциалын арттырыў, соның ишинде, жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий-педагог кадрларды мақсетли таярлаў, аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша системалы илажларды әмелге асырыў.

  1. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги 2017/2018-оқыў жылынан баслап Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик университети тәрепинен педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлер шөлкемлестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери зәрүр оқыў ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлениўин қаржыландырыўдың анық илажларын көрсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бир ай мүддетте арнаўлы сыртқы бөлимлерге қабыллаў тәртибин, өлшемлерин ҳәм дүзилетуғын үш тәреплеме шәртнама түрин ислеп шығып, белгиленген тәртипте тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

11.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

          Президенти                                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 9-август

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде педагогика бағдарында арнаўлы сыртқы бөлимлерди шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

Ғәрезсизлик жылларында елимизде тәлим-тәрбия системасын раўажландырыў, жасларға заманагөй билимлерди бериў арқалы олардың интеллектуаллық потенцалын арттырыў, халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўи ушын шараятлар жаратыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Президентиниң басламасы менен қабыл етилген 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында елимизде үзликсиз билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, жасларға сапалы билим бериў тийкарында оларды интеллектуаллық, эстетикалық ҳәм физикалық жақтан бәркамал раўажландырыў, оларға тәлим-тәрбия берип атырған оқытыўшылардың жоқары маманлыққа ийе болыўын тәмийинлеўге байланыслы әҳмийетли бағдарлар белгилеп берилди.

Бүгинги тез пәт пенен раўажланып атырған глобалласыў дәўиринде жасларымызды жат идеялардан сақлаў, оларда идеялық ҳәм мәлимлеме қәўиплерине қарсы идеологиялық иммунитетти күшейтиў, илим, техника ҳәм технологиялардың заманагөй раўажланыў дәрежесине сәйкес билим бериў арқалы оларды ҳәр тәреплеме бәркамал етип тәрбиялаўда билимлендириў мәкемелери оқытыўшыларының орны айрықша.

Ҳәзирги күнде оқыўшы жасларымыз республикамызда жумыс ислеп атырған 15359 билимлендириў мәкемеси, соның ишинде,  4893 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 9680 улыўма орта билим бериў мектеби,  23 Меҳрибанлық үйи, 304 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 211 «Бәркамал әўлад» орайы, 227 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде тәлим-тәрбия алмақта. Усы билимлендириў мәкемелеринде орта арнаўлы, кәсип-өнер колледжлерин өткен жылларда питкерген 97 564  орта арнаўлы мағлыўматлы оқытыўшы жумыс алып бармақта. Орта арнаўлы мағлыўматлы оқытыўшылар Қашқадәрья ўәлаятында 13048, Сурхандәрья ўәлаятында 9447, Самарқанд ўәлаятында 8907, Қарақалпақстан Республикасында 4835, Ташкент ўәлаятында 5004, Наманган ўәлаятында 4653, Хорезм ўәлаятында 4192, Әндижан ўәлаятында 4260, Бухара ўәлаятында 3366, Жиззақ ўәлаятында 1871, Ферғана ўәлаятында 2048, Наўайы ўәлаятында 1282 ни қурайды.

Улыўма билим бериў мектеплеринде жумыс ислеп атырған 112261 баслаўыш билимлендириў оқытыўшысының 41718 и (37,2%) орта арнаўлы мағлыўматлы. Соның ишинде, баслаўыш билим бериў оқытыўшыларының Қашқадәрья ўәлаятында 9014 и (62,1%), Сурхандәрья ўәлаятында 6035 и (53,2%), Қарақалпақстан Республикасында 3144 и (41,4%), Самарқанд ўәлаятында 5551 и (42,7%) орта арнаўлы мағлыўматлы кадрлар болып табылады.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған жәми 57974 педагог хызметкердиң 36305 и (63%) орта арнаўлы мағлыўматқа ийе.

Усы мүнәсибет пенен қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде педагогика бағдарында арнаўлы сыртқы бөлимлерди шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары жоқары билимлендириў системасында улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ушын заманагөй оқытыў усылларын ийелеген оқытыўшыларды таярлаў арқалы усы мәкемелерде тәлим-тәрбия сапасын арттырыў, оларда сабақ берип атырған орта арнаўлы мағлыўматлы оқытыўшылардың жоқары мағлыўмат алыў имканиятларын кеңейтиў ушын зәрүр шараятлар жаратыўды нәзерде тутады.

Қарарға бола, билимлендириў мәкемелериниң мектепке шекемги, баслаўыш, музыка, сүўретлеў өнери, шет тиллери, мийнет билимлендириўи, денетәрбиясы бағдарлары ҳәм басқа да пәнлер бойынша жоқары мағлыўматлы оқытыўшылар менен тәрбияшыларға болған талапларын тәмийинлеў арқалы билимлендириў сапасын жақсылаў мақсетинде 2017/2018 оқыў жылынан баслап 15 жоқары билимлендириў мәкемесинде падагогика бағдары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлер шөлкемлестириледи. Бул, өз гезегинде, елимиздиң шетки районларында, аўыллық жерлеринде жумыс ислеп атырған орта арнаўлы мағлыўматлы оқытыўшылардың өзлери жасап атырған ўәлаят орайларындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде жоқары мағлыўмат алыўы ушын шараят жаратады.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң қурамында шөлкемлестирилген арнаўлы сыртқы бөлимлердиң бакалавриат билимлендириў бағдарларына қабыллаў мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң талаплары тийкарында орта мағлыўматқа ҳәм кеминде үш жыл педагогикалық әмелий жумыс стажына, сондай-ақ, усы билимлендириў мәкемелериниң ведомстволық бойсыныўына муўапық тийисли министрликлер менен ведомстволар тәрепинен берилетуғын усынысқа ийе болған педагог кадрлардың есабынан әмелге асырылады.

Қарардың итибарлы тәреплеринен және бири арнаўлы сыртқы бөлим студентлерине бир қатар жеңилликлер берилиўи менен байланыслы. Соның ишинде, сыртқы бөлимде оқып атырған студентлерге имтаханларды, тест сынақларын тапсырыў, диплом, курс, лаборатория ҳәм басқа да оқыў жумысларын орынлаў ўақтында олардың тийкарғы жумыс орнында айлық мийнет ҳақылары сақланған ҳалда бир оқыў жылында еки мәрте бир айдан оқыў дем алысы бериледи. Онда оқыў дем алыслары қағыйда түринде, улыўма билим бериў мәкемелериндеги қысқы ҳәм жазғы дем алыс ўақтына туўра келген ўақтына бериледи ҳәм оларға белгиленген тәртиптеги жыллық мийнет дем алысларын бериў тәртиби де сақланып қалынады.

Арнаўлы сыртқы бөлимге қабыл етиўде усыныс беретуғын министрлик ямаса ведомство жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм студент арасында оқыўды жуўмақлағаннан соң усыныс берген шөлкемниң жолламасында көрсетилген жумыс орнында (билимлендириў мәкемесинде) бес жылдан кем болмаған мүддетте ислеп бериў миннетлемеси менен үш тәреплеме шәртнма дүзилетуғыны нәзерде тутылған.

Усы қарарда педагогика бағдары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлер шөлкемлестирилетуғын жоқары билимлендириў мәкемелеринде екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат бериў сыртқы билимлендириў түринде шөлкемлестирилиўи, онда екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алыў бакалавриат билимлендириў бағдарының 2-курсынан (оқыў режелериндеги пәнлердиң айырмашылығына қарамастан) кеминде 3 жыл етип белгиленди.

Атап өтиў орынлы, 2017/2018-оқыў жылы ушын арнаўлы сыртқы ҳәм сыртқы билимлендириў түриндеги оқыў процеси, әдеттегиден өзгеше түрде, быйылғы жылдың 1-октябринен басланады.

Қарарға муўапық, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университети арнаўлы сыртқы бөлим билимлендириўи бағдарлары бойынша маманлық талапларын, оқыў режелери менен бағдарламаларын, оқыў ҳәм оқыў-методикалық әдебиятларды жаратыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси етип белгиленди. Оның жанында педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлер шөлкемлестирилген жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў-методикалық жумысын Муўапықластырыўшы кеңес жумыс алып барады. Сондай-ақ, қарарда Муўапықластырыўшы кеңестиң педагог кадрларды таярлаў мазмунын заманагөй талапларға үйлесикли раўажландырыўды тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилди.

Тийисли министрликлер менен ведомстволарға 2017/2018 оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң арнаўлы сыртқы бөлимине 1-курсқа студентлерди қабыллыўды жоқары дәржеде ҳәм әдалатлы өткериўди тәмийинлеў, билимлендириў бағдарларының оқыў режелери менен пән бағдарламаларын тастыйықлаў, оларға муўапық пәнлерди оқыў әдебиятлары менен тәмийинлеў илажларын көриў тапсырылды.

Сондай-ақ, педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлерде сабақ бериў ушын жоқары потенциалға ийе профессор-оқытыўшылардың қурамын қәлиплестириўге байланыслы айрықша ўазыйпалар қойылмақта.

Усы мүнәсибет пенен қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде педагогика бағдарында арнаўлы сыртқы бөлимлерди шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи улыўма билим бериў мектеплериниң, мектепке шекемги ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң жоқары маманлықтағы педагог кадрларға болған талабын тәмийинлеў менен бир қатарда педагогикалық жумыс ислеп атырған орта арнаўлы мағлыўматлы жаслардың жоқары мағлыўмат алыў имканиятларын кеңейтеди. Бул, өз гезегинде, педагогикалық кәсиптиң жәмийеттеги орны менен абыройын арттырыў, соның ишинде, жасларды системалы тийкарда оқытыўшылық кәсибине бағдарлаўға хызмет етеди.

Усы қарар елимиздиң үзликсиз билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў, жасларымыздың руўхый бәркамал, билимли, интеллектуаллық жақтан раўажланған болып өсиўин тәмийинлеў жолындағы ис-ҳәрекетлерге жаңа күш бағышлайды.