«Apple» электромобиль ислеп шығыў бойынша жойбарын тоқтатты

264

Титан жойбары үстинде 10 жыл ислегеннен кейин, компания жасалма интеллект пайдасына оннан ўаз кешиўге қарар етти.

Бул хабарға басқа автомобиль ислеп шығарыўшы компаниялардың бас директорларының пикирлери:

– Li Xiang (Li Auto): «Бул улыўма дурыс стратегиялық таңлаў, себеби егер жасалма интеллект тараўында табысқа ерисилсе, «Apple» капиталласыўы 10 триллион долларға жетиўи мүмкин».

– Ley Jun (Xiaomi): «Мен бул жаңалықты көрип ҳайран қалдым. Биз «Xiaomi»дегилер машина жаратыўдың қурамалы екенин жақсы билемиз».

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги