Президент Шавкат Мирзиёев 29-февраль күни Хорезм ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Амиўдәрья районына барып, жаӊа көпирдиӊ ашылыў мәресиминде қатнасты.

Бул үлкен экономикалық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе стратегиялық қурылма. Президентимиз бул ҳаққындағы басламаны 2020-жылы 13-декабрь күни Хорезм ўәлаяты белсендилери менен ушырасыўда алға қойған еди. Буннан соӊ пухта жойбар ислеп шығылып, үлкен қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Мәмлекетимиз басшысы оныӊ қурылысын еки мәрте келип көрди.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты белсендилери қатнасыўында жаӊа көпирдиӊ салтанатлы ашылыў мәресими болды.

Президент дәслеп поездда ҳәм автомобильде жүрип, көпирдиӊ сапасын көзден өткерди. Жәмийетшилик қатнасыўындағы мәжилисте бул жойбардыӊ нәтийжелилигин, халық турмысындағы әҳмийети атап өтти.

– Аралбойы регионын, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў, еӊ алды менен, экологиялық кризис ақыбетлерин жумсартып, қыйын жағдайда жасап атырған халқымызға қолайлы шараят жаратыў мәмлекетмиз раўажланыў стратегиясыныӊ баслы мақсетлеринен бири. Алдын да айтқанымдай, Қарақалпақстанныӊ тәғдири – бул Өзбекстанныӊ тәғдири, қарақалпақ халқыныӊ бахты ҳәм абаданлығы – бул пүткил Өзбекстан халқыныӊ бахты ҳәм абаданлығы. Бүгин мине, усы ийгиликли мақсетти әмелге асырыўжолында және бир үлкен қәдем қоймақтамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Көпир қурылған орын мәмлекектимиздиӊ еӊ шетки аймақларынан бири. Усы ўақытқа шекем адамлар өткен әсирдиӊ елиўинши жылларында алып келинген ески понтон көпирден пайдаланып келетуғын еди. Ҳәр бәҳәрде муз ерип, дәрьяда суў көбейиўи менен ол аўыр зақымланатуғын еди. Бул дәрьяныӊ еки тәрепиндеги халыққа оғада көп қыйыншылықлар туўдыратуғын еди.

Мысалы, Әмиўдәрья районы халқы автомобильде Нөкиске барыў ушын Үргенш ҳәм Беруний арқалы жүриўге мәжбүр еди. Оныӊ ушын қосымша 180 километр жол жүриўге туўра келетуғын еди. Поездда болса Хорезмниӊ шығыс тәрепиндеги Хазарасп көпиринен өтип келинетуғын еди.

Жаӊа көпир себепли бул қыйыншылықлар сапластырылады, халықтыӊ узағы жақын болады. Ол арқалы Қарақалпақстан менен Хорезмди байланыстыратуғын еӊ жақын автомобиль ҳәм темир жол қатнаўы жолға қойылады.

Көпирдиӊ узынлығы 423 метр. Оныӊ менен бирге Шават-Қараөзек бәндиргилерин байланыстыратуғын 85 километрлик темир жол ҳәм 3 вокзал да қурылды.

Бул қурылыс нәтийжесинде жолдыӊ өткериў қәбилети 4 есеге артып, бир кеше-күндизде 12 мыӊ автомобиль ҳәрекетленеди. Нәтийжеде 48 мыӊ жолаўшыныӊ 2 саат ўақты үнемленеди ҳәм дәрьядан қәўипсиз өтиўи тәмийинленеди.

Көпир еки тәрепке қарап 24 жуп поезды өткериў имканиятына ийе болып, бул арқалы темир жол аралығы 180 километрге, жүк тасыў тезлиги болса 6 саатқа қысқарады. Бул болса жергиликли жүклерди тасыў көлемин жылына 2 есеге арттырыў, тасыўдыӊ өзине түсер баҳасын 2 есеге азайтыў имканиятын береди. Бул темир жол арқалы Қазақстан ҳәм Россияға да жаӊа жөнелислер ашылады.

Сондай-ақ, Қараөзек кәнлеринен тас енди поездларда тасылыўы есабынан Аралбойы регионындағы 4 миллион халық ҳәм туристлерге хызмет көрсетиўши автомобиль жолларыныӊ сапалы сақланады. Оннан ҳәм халық, ҳәм исбилермен, ҳәм туристлер үлкен пайда көреди.

– Биз биргеликте қурған бул саўлатлы көпир әпиўайы гезектеги инфраструктура қурылмасы емес. Бул көпир еӊ алды менен өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасындғы беккем исеним ҳәм дослық, аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиў көпири. Бул жол дүньяға ашылып атырған Жаӊа Өзбекстан, Жаӊа Қарақалпақстанныӊ раўажланыў ҳәм абаданлық жолы. Мине, усы үлкен дәрьяныӊ еки жағасында, усындай жақты күнлерди әрман етип жасап киятырған мыӊлаған ўатанласларымыздыӊ үмитлери әмелге асқан тарийхый күн бәршемизге мүбәрек болсын, – деди Президент.

Мәмлектимиз басшысы аўыр климат шараятында пидәкерлик пенен мийнет еткен шебер қурылысшыларға, жойбарлаўшы ҳәм инженерлерге, көпирди қурыўға мүнәсип үлес қосқан барлық инсанларға миннетдаршылық билдирди. Халыққа қолайлық жаратыўға қаратылған жумыслар избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Атап айтқанда, быйыл Бухара – Үргенш – Хийўа, келеси жылдан Мискин – Нөкис темир жолы электрлестириледи. Нәтийжеде Хийўа ҳәм Нөкис қалаларында тезжүрер поездлар қатнаўы жолға қойылады. Усы аймақлардағы халықтыӊ мәмлекетимиздиӊ басқа қалаларына барып-келиўи аӊсатласады. Бул жойбарлар есабынан транспорт қәрежетлери 2 есеге қысқарып, жолаўшы тасыў 30 процентке артады.

Улыўма, бундай ири жойбарлар Қарақалпақстан ҳәм Хорезмниӊ экономикалық потенциалын арттырыў, инвестициялар ағымы ҳәм жумыс орынларын көбейтиў, халық дәраматларыныӊ өсиўине хызмет етеди.

Мәресимде шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз турмысындағы бул тарийхый бир ўақыя мүнәсибети менен бәршени қутлықлап, Аралбойыныӊ раўажланыўына итибары ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

ӨзА