26-февраль күни Нью-Йорк қаласындағы БМШ бас резиденциясында Шөлкемниӊ Бас Ассамблеясы тәрепинен “2027-жыл – Халықаралық турақлы ҳәм қолайлы туризм жылы” резолюциясы бир аўыздан мақулланды.
Өзбекстан Республикасы тәрепинен алға қойылған бул резолюцияға 80 нен аслам ағза мәмлекет биргеликте авторлық етти.
Ҳүжжеттиӊ текстин муўапықластырыў бойынша мәсләҳәтлесиўлерде Россия, Қытай Халық Республикасы, АҚШ, Түркия, Германия, Уллы Британия, Япония, Корея Республикасы, Египет, Бразилия, Аргентина сыяқлы жетекши мәмлекетлердиӊ, Европа Аўқамы делегациясыныӊ экспертлери белсене қатнасты ҳәм резолюцияныӊ мазмунын байытыўға әҳмийетли үлес қосты. БМШқа ағза мәмлекетлердиӊ ўәкиллери бул резолюцияныӊ усынылыўы өз ўақтында ҳәм әҳмийетли екенин атап өтти.
Ҳүжжеттиӊ баслы мақсети Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ 2023-жылдыӊ октябринде Самарқандта болып өткен БМШтыӊ Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясы сессиясында туризм тараўыныӊ жаӊа машқалалар ҳәм заманагөй қәўиплер алдында турақлылығы ҳәм бейимлесиўшеӊлиги бағдарында билдирген пикирлерине тийкарланған.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен туризмниӊ түрли цивилизациялардыӊ бай мәдений мийрасын сақлаўда, тынышлық ҳәм кеӊпейилликти беккемлеўде, халықлардыӊ қәдириятларын ҳүрмет етиўде әҳмийетли орын тутатуғыны ҳаққында билдирилген принциплер усы резолюцияда беккемленген.
Ҳүжжетте экология, биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм атмосфераныӊ патасланыўын азайтыў жолында “жаслы” туризмди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Резолюция 2027-жылды Халықаралық турақлы ҳәм қолайлы туризм жылы деп жәриялаўға қарар етеди ҳәм БМШтыӊ Дүнья жүзилик туризм шөлкемин ҳүкиметлер, БМШ системасындағы структуралар, регионаллық шөлкемлер менен биргеликте жылды нәтийжели өткериў ушын комплексли илажлар көриўге шақырады.
Резолюцияда турақлы туризмди, атап айтқанда, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, экономикалық өсиў, толық бәнтликти тәмийинлеў, аўыллық аймақларды раўажландырыў ҳәм аўыл халқыныӊ жасаў шараятларын жақсылаўға хызмет ететуғын экотуризмди раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Резолюция барлық мәпдар тәреплерге турақлы ҳәм қолайлы туризмди кәмбағаллықты сапластырыў, ҳаял-қызлар, жаслар, кекселер ҳәм майыплардыӊ қатнасыўын хошаметлеў, экономикалық имканиятларды кеӊейтиў ҳәм мүнәсип жумыс орынлары, дәрамат дәреклерин жаратыўдыӊ әҳмийетли қуралы сыпатында жедел алға қойыўды усыныс етеди.
Ҳүжжет пенен БМШтыӊ Дүнья жүзилик туризм шөлкемине усы резолюцияныӊ әмелге асырылыўы бойынша БМШ Бас Ассамблеясыныӊ 83-сессиясында (2028-ж.) мәлимлеме бериў, онда Халықаралық жыл қай дәрежеде өткерилгенин баҳалаўға айрықша итибар бериў тапсырылды.
Экспертлердиӊ пикиринше, Өзбекстан тәрепинен алға қойылған резолюция туризм санаатыныӊ глобал дәрежеде жаӊа басқышқа көтерилиўин баслап береди.
ӨзА