Президент Шавкат Мирзиёевқа 27-февраль күни Ташкент қаласында санаат ҳәм хызметлер көрсетиў тараўлары ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша ҳүжжетлер жойбарлары бойынша мәлимлеме берилди.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, суў ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан үнемли пайдаланыў, аймақлардың туризм потенциалын жүзеге шығарыў, халықтың турақ жай шараятлары ҳәм қалалар инфраструктурасын жақсылаў бойынша бир қатар мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленген.
Бүгинги мәжилисте бул бағдардағы жумысларды пайтахтта шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлериниң инвестициялық жойбарларын әмелге асырыўды әпиўайыластырыў мақсетинде Ташкент қаласында акционерлик жәмийети тәризинде «Ташкент инвест компаниясы» шөлкемлестирилген. Компания бос жер участкалары негизинде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў менен шуғылланады.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде жойбарларды әмелге асырыўдың әпиўайыластырылған тәртиби, пайтахтта реновация жойбарларын әмелге асырыў тәртиби, «турмыслық дәўир шәртнамасы» тийкарында бирге ислесиў тәртиби тастыйықланбақта.
Презентацияда Янгиҳаёт районының санаат потенциалын арттырыў ҳәм жоқары технологияларға тийкарланған өндирислерди жолға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилиўи режелестирилген «Янги авлод» арнаўлы санаат зонасы ҳаққында мәлимлеме берилди. 664,5 гектар майданды ийелейтуғын санаат зонасы аймағында жақын жылларда 1,5 миллиард доллар муғдарында тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў, 2,5 мың жаңа жумыс орынларын жаратыў, жылына 1 триллион сумнан аслам санаат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм 5 миллион доллар муғдарында экспортты әмелге асырыў режелестирилмекте.
Пайтахтта туризм хызметлери ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша усыныслар да көрип шығылды.
Усы мақсетте Ташкенттиң Мирабад, Алмазар, Чиланзар, Учтепа, Шайхантахур, Юнусабад, Яккасарай ҳәм Яшнабад районларында тийисли илажлар бағдарламасын әмелге асырыў режелестирилген. Бағдарламада гастрономиялық туризм ҳәм «өнерментлер» көшелерин шөлкемлестириў, заманагөй саўда-сервис объектлерин ҳәм мийманханалар қурыў, каналлар жағасында жасыл ҳәм дем алыў аймақларын қурыў нәзерде тутылған.
Бул бағдардағы жумысларды мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў, онда мәҳәллелердиң өсиў ноқатларын анықлап, белгили жумыс түрине қәнигелестириў ҳәм аймақларды көклемзарластырыў бойынша «Әндижан тәжирийбеси»нен кеңнен пайдаланыў зәрүр екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы усынылған ҳүжжет жойбарларын ҳәм усынысларды мақуллап, олардың орынланыўын сапалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге бир қатар тапсырмалар берди.
ӨзА