Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович,
Қәдирли достым,
Бәринен бурын, Сизге өзимниң қызғын сәлемлеримди жоллап, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы дослық, туўысқанлық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосып атырған үлкен жеке үлесиңиз ушын терең миннетдаршылық билдиремен.
Сизиң уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниң 300 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында қабыл етилген қарарыңыз буның және бир айқын көриниси болды.
Гуманист ҳәм ағартыўшы шайыр сыпатында өзиниң дөретиўшилиги ҳәм философиялық мийрасы менен адамзаттың руўхый ғәзийнесинен мәңги орын алған Мақтымқулы Пырағыйдың жәҳән әдебияты ҳәм мәденияты тарийхындағы айрықша орны ҳаққындағы пикириңизге толық қосыламан. Әлбетте, биз Мақтымқулының түркмен ҳәм өзбек халықларының өз-ара туўысқанлығы, дослығы ҳәм уқсас тәғдирлериниң тийкарын жаратыўға қосқан үлкен үлеси ҳаққында бәрқулла терең миннетдаршылық ҳәм мақтаныш сезими менен айтамыз.
Өзбекстан Мақтымқулының турмысы ҳәм дөретиўшилигинде айрықша орын ийелейди. Уллы шайыр Хийўада билим алып, Өзбекстан тарийхын оғада жақсы үйренип, усы жерге ҳақыйқый меҳир, оның халқы ҳәм дәстүрлерине үлкен ҳүрмет көрсеткен.
Бүгинги күнде Мақтымқулының қосықлары өзбек тилинде жаңлап атырғаны, Өзбекстандағы мектеп ҳәм университетлерде үйренилип атырғаны тәбийғый ҳал болып табылады. Тап усыған уқсас Түркменстанда да Әлийшер Наўайы, Мырза Улығбек, Мунис Хорезмий сыяқлы уллы өзбек шайырлары, улама ҳәм ойшылларын биледи және ҳүрмет етеди.
Өзбекстанда Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығының кеңнен белгилениўи халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы туўысқанлық байланыслары беккемлигиниң, улыўма тарийхый тәғдиримиз, өз-ара аўызбиршилигимиз ҳәм тилеклесликке бәрқулла таяр екенимиздиң және бир көриниси болатуғынына исенимим кәмил.
Қабыл етилген қарарыңыз ушын және бир мәрте миннетдаршылығымды қабыл етиўиңизди сорайман.
Пурсаттан пайдаланып, Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, мәмлекетшилик ҳәм сиясий жумысыңызда жаңа жетискенликлер, Өзбекстан халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен.
Терең ҳүрмет пенен,
Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
түркмен халқының миллий жетекшиси,
Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы