Бозатаў районындағы 20-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектеби усы тараўға қызығыўшы талантлы жасларды тәрбиялап, оларға питкериўшилик гүўалығын бериўши бирден-бир тәлим дәргайы болып табылады.
Бүгинги күни бул оқыў орнында халық сазлары, эстрада, фортепиана, бақсышылық, хореография, сүўретлеў өнери, театр, әмелий өнер қәнигеликлери бойынша 172 оқыўшы тәлим-тәрбия алып, оларға 16 оқытыўшы тәлим бермекте.
Дилназа Отамбетова да усындай талантлы оқыўшылардың бири болып, ол ҳәзирги күнлери усы мектептиң театр өнери қәнигелиги бойынша 4-класында тәлим алмақта.
Оған мектеп муғаллими Наргиза Бектурғанова билим берип келмекте.
-Мен келешекте көплеген рольлерди атқарып, елимизге белгили актриса болыўды әрман етемен,-дейди ол.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.