Қыс мәўсими республикамыз шарўалары ушын ең сынақлы жуўапкершиликли мәўсим болып табылады. Буны жақсы түсинген Бозатаў районындағы «Еркиндәрья шарўа» жуўапкершиликли шекленген жәмийетиниң ағзалары ҳәзирги күнлери малларды қыслатыў мапазын талап сай түрде өткермекте.
-Жәмийетимизде бүгинги күни 554 бас қарамал, 52 бас жылқы күтимли бағылмақта,-дейди усы жәмийеттиң ис жүргизиўшиси Абатбай Даңжанов.-Жаз ҳәм гүз мәўсимлеринде ислеген тынымсыз мийнетлеримиздиң арқасында, малларымыз ушын жеткиликли муғдарда жуғымлы от-шөп жыйнап алынды. Сондай-ақ, оларды ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлерге қарсы өз ўақтында шаншыў жумысларын иследик. Усының нәтийжесинде қарамалларымыз ҳәм жылқыларымыз арасында кеселлик ушыраспады.
Ҳақыйқатында, «жазда төбеси қайнамағанның, қыста қазаны қайнамайды» дегениндей жәмийет ағзаларының ислеген пидайы мийнетлериниң арқасында,30 гектар мәкке, 142 гектар жерге салы, 5 гектар жерге гешир, 2 гектар жерге егилип оннан дийдиленгендей зүрәәт жетистирилди. Мәккеден 500 тонна силос басылды. Ҳәзирги күнлери шарўалар өз малларын Нағалайкөл әтирапындағы жайлаўларда бағып, бәҳәрги егис ислерине де қызғын таярлықлар көрмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы