Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен жәмийетимиздиң раўажланыўын, инсан қәдирин ҳәм пуқаралардың мәпин гөзлеген жойбарлар, қарар ҳәм нызамлар ислеп шығылған.

Соңғы жылларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылып, халықтың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсибетти қәлиплестириўге бағдарланған системалы илажлар өткерилмекте. Соның ишинде, кадастр тараўында да бир қанша системалы жойбарлар әмелге асырылмақта.

Усы жерде пуқараларымыз арасындағы «кадастр тараўы тек ғана жер участкасын ажыратыў менен шуғылланады», «жер орынларын кадастрдан аламыз», деген сыяқлы надурыс түсиниклер де бар екенлигин атап өтиўимиз керек.

Ал, негизинде, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның филалларына тийкарынан көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, кадастр паспортларын рәсмийлестириў, бос жер орынларын анықлап, оларды аукционға шығарыў ҳәм жер есабын жүргизиў ўазыйпалары жүкленген.

Еслетип өтиўимиз керек, бүгинги күнде тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде таңланған жер участкаларын бирден-бир электрон тәризде инсан факторы араласпаған ҳалда аукцион арқалы алыў белгилеп берилген. Жер участкаларын тиккелей сатып алыў толық тоқтатылған.

Бирақ, соған қарамастан, пуқараларымыздың исенимине кирип, алдаў жолы менен ҳеш қандай ҳуқықый ҳүжжетлерсиз жер участкасын сатаман, яки танысларым арқалы жер орнын алып беремен ҳәм кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириўге жәрдем беремен, дейтуғын ашынарлы жағдайлар да, халқымыз арасында көплеп ушыраспақта.

Усындай жалған ўәделер, жалатайшылық, дәмегөйлик ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы хәм оның басқармаларында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бас қәнигелери, тараў хызметкерлериниң қатнасыўында пуқаралар арасында үгит-нәсият илажлары өткерилип, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў бойынша тийисли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қәнигелери тәрепинен қала ҳәм районлық филиаллардағы тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында пуқаралар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерип келинбекте.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абадан турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы және де жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдардағы реформалар даўам етеди. Себеби тийкарғы мақсет – елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары менен еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый жәмийетти қурыўдан ибарат. Солай екен, пуқараларға мәмлекетлик кадастр хызметин көрсетиўде коррупцияға жол қойылмайды.

 

Сардор Урунбаев,

Мәмлекетлик кадастрлар палатасы

Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги