Иранда жеңил атлетика бойынша жабық обьектлерде өткерилип атырған Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасып, онда 2 гүмис ҳәм 2 қола медалын қолға киргизиўге еристи.


Атап айтатуғын болсақ, ядро ылақтырыўда Малика Насриддинова, көп гүресте Заҳриддин Шокировлар гүмис,  үш атлап секириўде Иван Денисов, 4х400 метрге эстафета жарысында ҳаял-қызлар командасы қола медалын жеңип алды.

 

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы