Алдын хабар бергенимиздей , Бахрейн пайтахты Манама қаласында қылышласыў бойынша жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.

Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнаспақта. Атап айтатуғын болсақ, сабля бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген жарыста қарақалпақстанлы Наргиза Жақсыбаева ҳәм Алпамыс Орақбаевлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы атағына миясар болған болса, командалық беллесиўлерде ер балалар арасында С. Абдукаримбеков, А. Орақбаев,  А. Каримбаев ҳәм Н.Кеңесбаевлардан ибарат Өзбекстан сайланды командасы финалға шекем жетип барды ҳәм алтын медаль ушын гүресте қубла кореялы спортшыларға жеңилип қалды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, Алпамыс Орақбаев ҳәм Нурсултан  Кеңесбаевлар қарақалпақстанлы жас спортшылар болып табылады.

Командамыз ағзалары ҳәм оларды тәрбиялаған тренерлерди ерискен бул үлкен табысы менен қутлықлаймыз.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы