Усы жылдың 15-16-февраль күнлери Ферғана ўәлаятының Марғулан қаласында спорттың белбеўли гүрес түринен академиялық лицейлер ҳәм кәсип-өнер мектеблериниң арасында «Бәркамал әўлад» спорт жарыслары болып өткен еди.
Спортшыларымыз Нөкис темир жол вокзалында тараў басшылары, тренер-устазлары, туўған-туўысқанлары ҳәм дослары тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.
Онда атап өтилгениндей, белбеўли гүрес – спорт түрлеринен бири болып, ол тийкарынан Орта Азияда ғалаба ен жайған. Той ҳәм жыйынларда қурға шығып гүреске түсиў халқымызда ески заманлардан киятырған үрп-әдет дәстүрлеримизге киреди. Бундай жарыслар, жасларымыз арасында баба мийрас спорт түриниң еле де кеңнен ен жайыўына хызмет етеди, әлбетте.
Бул спорт жарысларына қарақалпақстанлы жасларда да нәтийжели қатнасып, сыйлы 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги