Быйыл уллы сөз зергери, ХIХ әсир қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толады. Ҳәзирги ўақытлары республикамыздың барлық орынларында усы сәнеге бағышланып, ҳәр қыйлы әдебий саз-сәўбетли кешелер өткерилмекте.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Ренессанс ҳәм жаслар» атамасында концерт бағдарламасы болып өтти

Илажда филиал директоры, профессор Байрамбай Еримбетов ҳәм консерваторияның Нөкис филиалы директоры Рудакий Алланбаев қарақалпақ әдебиятының ири ўәкили Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның әдебиятымыз ҳәм мәдениятымызда тутқан орны ҳаққында кең түрде айтып өтти.  Шайыр шығармаларының жас әўладты Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қосқан үлеси ҳаққында айтып өтти.




Кешеде «Шуҳрат» медалының ийеси, Қарақалпақстанға мийнети сиңген жаслар устазы, профессор Ҳикмат Ражабов басшылығындағы филиалдың халық сазлары оркестри тәрепинен шайырдың қәлеминен дөрелген «Бозатаў», «Бир жанан», «Гөззаллар», «Аманба», «Бир пәрий», «Келип кет», «Еллерим барды», «Көзлерим» ҳәм «Жақсы» қосықлары атқарылып,  илаж қатнасыўшыларына руўхый заўық алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы