Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-майдағы ПП-134-санлы пәрманында баслаўыш класслар ушын заманагөй сабақлық, шынығыў дәптери ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбалар ислеп шығыў ўазыйпасы белгиленип, 2023-2024-оқыў жылынан 1-класстан баслап «Информатика ҳәм информациялық технологиялар» пәни оқытыла баслады.

Улыўма орта билим бериў мектеплериниң баслаўыш класс муғаллимлери ушын бул жаңа пән болып табылады.  Баслаўыш класс муғаллимлериниң «Информатика ҳәм информациялық технологиялар» пәнин сапалы оқытыўы ушын жаңа билим ҳәм көнликпелер талап етиледи. Яғный, олар турақлы түрде өз үстинде жумыс алып барып, қәнигелигин арттырып барыўы зәрүр.

Қарақалпақстан Республикасының баслаўыш класс муғаллимлерине арнаўлы қәнигелигин арттырыў курслары шөлкемлестирилип, «Информатика ҳәм информациялық  технологиялар» пәнине байланыслы программаларды үйретиў менен бирге IT бойынша қәнигелер де сабақ алып барыў ушын тартылмақта.


Усы жыл 14-16-февраль күнлери аралығында  Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында баслаўыш класс муғаллимлери ушын «Информатика ҳәм информациялық   технологиялар» пәнин оқытыў методикасы бойынша 18 саатлық бийпул курслар шөлкемлестирилди.

Оған республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги 30 баслаўыш класс муғаллими қамтып алынды.




Баслаўыш класс оқыўшыларына билим ҳәм тәрбия бериўде ХХI әсир көнликпелерин қәлиплестириў керек. Мине, бул мәселелер ислеп шығылған жаңа «Информатика ҳәм технологиялар» сабағында өз сәўлелениўин тапқан.  Заманагөй билимлендириў дүньядағы өзгерислерге бейимлесиўшең, ҳәр қыйлы машқала ҳәм тосқынлықларға таяр туратуғын профессионаллардың жаңа әўладын қәлиплестирмекте. Бундай билимлендириў  тийкарында оқыўшыларды тек әмелий көнликпелер менен емес, ал оқыўшыларда бүгинги күнде зәрүр болған IT технологиялары менен ислесиў көнликпелери қәлиплеседи, заманагөй компетенциялар раўажланады.

Онда баслаўыш класс муғаллимлерине педагогикалық орайдың  профессор-оқытыўшылары Байрам Өтемуратов, Дилфуза Қутлымуратова ҳәм Қуўатбай Турмановлар тәрепинен  «Информатика ҳәм информациялық  технологиялар» пәнине байланыслы программаларды үйретиў менен бирге, IT тараўындағы билимлерин беккемлеп, жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў усыллары да үйретилип барылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги