Мәмлекетимиз аймағында әзелден көп миллетли халықлар дослықта, аўызбиршиликте жасап келмекте. Халқымыз әзелден кеңпейиллик, миймандослық, кеширимлилик, бир-биреўди ҳүрмет етиў сыяқлы пазыйлетлери менен инсаныйлық түсиниклерди тереңлестирип, байытып келмекте. Миллетлер аралық татыўлық уллы қәдирият болып, қуяшлы Өзбекстанымызда жасап атырған түрли миллет ўәкиллери халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында аўызбиршиликте мийнет етип, елимиздиң  раўажланыўы жолында хызмет етпекте.

«Ўатан шаңарақтан басланады»,-дегениндей, бүгин елимиздеги ҳәр қандай шаңарақты алып қарасақ, бир шаңарақтың өзинде түрли миллет ўәкиллери жасап атырғанының гүўасы боламыз. Сол айтқандай, «аўылы аралас, қойы қоралас»,-болып жасап атырған көп миллетли ўатанымыздың келбетин усы шаңарақлардан-ақ көриўимизге болады.

Тақыятас районы «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасап атырған Дурсунбаевлар шаңарағы  халықлар дослығының үлгиси болыўға арзыйтуғындай шаңарақ десек алжаспаймыз. Шаңарақ баслығы Пиржан Дурсунбаев түркмен миллетинен, ал өмирлик жолдасы Тамара Ильмурадова Георгиевна рус миллетинен болып,  алты перзентти камалға келтирип, олар арқалы  қазақ, өзбек, рус миллети ўәкиллери менен қуда-қудағайлы болып отырған үлгили шаңарақ ийелери.

Пиржан аға 43 жыл даўамында қурылыс тараўында мийнет етип, кран машинасын меңгериўши болып жумыс иследи. Мийнет жолының бираз жыллары Тақыятас ГРЭСи менен байланыслы болып усы жерде жемисли мийнет етип, 2012-жылы ҳүрметли дем алысқа шығады. Ал, өмирлик жолдасы Тамара апа болса елиў жылға шамалас ўақыт медицина тараўында хызмет етип, Тақыятас ГРЭС жанындағы медициналық пунктте бас шыпакер, соң санаторияда жумыс алып барды. Бүгин олардың перзенлериниң бәри де халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли мийнет етпекте.

– Перзентлеримиздиң бәринен кеўлимиз тоқ. Бир улымыз әскерий тараўында, бир улымыз ГРЭСте смена баслығы, бир улымыз өзимниң кәсип жолымды тутып қурылыс тараўында кран  машинасын меңгереди,-дейди Пиржан аға. Аллаға шүкир, елимиз тыныш, халқымыз тоқ. Усындай журтта жасап атырғанымызға шүкиршилик етип, шаңарағымызда перзентлеримизге дурыс тәрбия бериў, мәҳәлледе жасларды туўры жолға шақырыў биз нураныйлардың миннетли ўазыйпасы, деп билемиз.

Пиржан аға менен Тамара апа бүгинги күнде ҳүрметли нураный болып, мәҳәлледе үлгили шаңарақтың басшылары сыпатында қәдирленеди.

-Пиржан аға мәҳәллемиздиң белсенди нураныйы. Мәҳәлледе ойласықлы ислерде бас болып, бәрқулла өзиниң  мәсләҳәтлери менен дурыс жол-жоба берип турады.  «Бир нураный он жасқа жуўапкер» жойбары тийкарында Пиржан аға мәҳәлле жаслары менен ушырасып, шаңарақларындағы келиспеўшиликлерди шешиўде ҳәм  қыйыншылықларды жеңип өтиўлеринде өз мәсләҳәтлерин берип, оларды Ана Ўатанды сүйип жасаў, елимизге ҳадал хызмет етиў сыяқлы пазыйлетлерге шақырып келмекте,-дейди «Халықлар дослығы» мәҳәллеси баслығы В. Ешимбетова.

Жетпистен асып, сексен жасқа қарай қәдем қойып атырған олар бүгин  он бес ақлықтың, бес шаўлықтың меҳрийбан ата-апасы. «Халықлар дослығы» мәҳәллесиниң халықлар дослығы үлгисине айланған шаңарақта олардың үлкен баласы Русланның келиншеги Венера қазақ миллетинен болса, Айгул қызы да қазақ миллети ўәкили менен турмыс қурып отыр. Ал, Зарина  ақлығы болса қарақалпақ шаңарағына келин болып түсти.

-Қарақалпақстан, Өзбекстан мен ушын қәдирдан журт, Ана ўатаным. Мен бул журтта жасап атырғаныма жүдә қуўанышлыман,-дейди Тамара апа.

Үлкемизде бәҳәр мәўсими басланыў алдында турған бир пайытта, Пиржан аға үй алды қыйтақ жерге төгин бериў, мийўе нәллериниң түплерин босатыў ислерин алып бармақта. Ақлықлары болса оған жәрдемши. Кемпир апа болса ақлықларының оқыўдан келиўи, кетиўи, олардың сабақтан үлгериўлерин бәрқулла қадағалап отырады. Шаңарақтағы аўызбиршиликтиң уйтқысы болып отырған олардың жүзинен бахытлы мәўритлердиң көриниси бәрқулла парлап турады.


Г. Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы