Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында Арал теңизиниң қурыған ултанында 2024-жылғы сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы егинлерди егиў жумыслары баслап жиберилди.

Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген еди.

Басланған жумысларда ҳәр жылы ўәлаятлардан келген көмекшилер, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Айрықша жағдайлар ҳәм Абаданластырыў басқармалары, жергиликли пуқаралар қатнасып келмекте. 2018-2023-жыллар даўамында 1 миллион 755 мыӊ гектар майданға шөлге шыдамлы егинлер егилди. Итибарлысы, бүгинги күнге шекем  17 мыӊ километр квадрат майдан көклемзарластырылып, шөл өсимликлериниӊ көгериўшеӊлиги бойынша жақсы нәтийжеге ерисилмекте.

Быйылғы жылғы егис жумысларыныӊ басланыўына үш әўлад ўәкиллери ҳәм депутатлар қатнасып, елимиздиң экологиясын жақсылаў жолында өзлериниң салмақлы үлесин қосты. Бул жумысларда әсиресе жасларымыз бенлсендилик көрсетпекте.

Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, илажға қатнасып атырғанларға машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы жумысларында табыслар тиледи. Сондай-ақ, егис мапазын шөлкемлестириў жумысларында көрсеткен белсендилиги ҳәм елимиздиң абаданлығы жолындағы хызметлери ушын бир топар Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, жол хожалығы ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери сыйлықланды.


Арал теңизиниң қурыған ултанында «жасыл қапламалар» пайда етиў мақсетинде туқымларды жыйнаў ҳәм қорғаў тоғайларын пайда етиў жумысларына ҳәр жылы мыңнан аслам машина-механизмлер, киши авиация ҳәм жумысшы күши қатнасып келмекте. Быйылғы жылы да 100 мыӊ гектар майданға шөлге шыдамлы егинлерди егиў режелестирилмекте. Солай етип,  “Теӊиз шегинсе де, инсан шегинбейди” деген идея астында быйылғы жылдыӊ егис жумыслары ғалаба басланып кетти.



       

Қарақалпақстан хабар агентлиги