Усы жыл 14-февраль күни Елликқала районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм быйылғы жылы алып барылыўы тийис баслы ўазыйпаларға арналған мәжилис болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, районды раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар, соның менен бирге, жол қойылған қәте-кемшиликлерди атап өтти.
Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар тийкарында ажыратылған қаржылар, олардың нәтийжели жумсалыўы, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Сектор басшыларының районда, өз аймақларында 2024-жылы әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳәм белгиленген ўазыйпалар бойынша презентациясы тыңланды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир басшының баслы ўазыйпасы ҳәм әдиўли миннети халқымыз ийгилиги жолында шын кеўилден хызмет етиў керек екенлигин атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги