Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў, олардыӊ қәбилетлерин жүзеге шығарыў, сондай-ақ, елимизде миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыў мақсетинде «Йош» эстрадалық жойбарына старт берилген еди.
12-февраль күни пайтахтымыздағы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында усы жойбардыӊ екинши басқышы болып өтти. Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, илажға қатнасқан 150 ден аслам қатнасыўшыдан кастингте төрешилер тәрепинен таңлап алынған 20 жас биринши басқышта қатнасқан болса, соннан 17 жас екинши басқышқа жоллама алған еди. Болып өткен таңлаўда қатнасыўшылар еркин темада қосықлар атқарып, өз талантын сынап көрди. Оларды елимизге белгили тәжирийбели қәнигелерден ибарат төрешилер қурамы баҳалап барды.
– Жойбар елимизде миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыўға ҳәм бул бағдарда жас талант ийелерининиӊ жүзеге шығыўына хызмет етеди. Бул таңлаў арқалы устаз-шәкирт арасындағы байланысты күшейтиў, устазлар атқарған миллий қосықларды жасларымыз тәрепинен мәңгилестириў болып табылады ,-дейди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, төрешилер қурамы баслығы Мақсет Өтемуратов.
Жанлы атқарыў ҳәм умытылмас мәўритлерге толы болған жойбардыӊ және бир әҳмийетли тәрепи қатнасыўшылар социаллық тармақлар арқалы халқымызға жақсы таныс болған блогерлер менен биргеликте ислеседи. Өз гезегинде бул қатнасыўшылардың талантын кеӊ жәмийетшиликке жақыннан таныстырыўға хызмет етеди.
-Биринши басқыштан әўметли өтип, екинши басқышқа қатнасып атырғаныма жүдә қуўанышлыман. Таңлаўға қатнасып атырған заманласларымыз арасында бәсеки күшли болмақта. Бул басқыштан да әўметли өтип, финалда жеӊимпаз болыўды мақсет еткенмен, -дейди Абдирахим Өмирзақов.
Таңлаўдың екинши басқышы қызғын беллесиўлер менен даўам етти. Республикамызда талантлы жаслардың көплиги ҳәм зал толы тамашагөйлердиң жақсы атқарған қатнасыўшыларды жыллы күтип алыўлары, таңлаў барысына өзгеше заўық бағышлады.
Жойбардыӊ кейинги басқышы 14 қатнасыўшы менен даўам етеди. Яғный ҳәр бир қатнасыўшы социаллық тармақлар арқалы даўыс топлап кейинги басқышта қатнасыўын даўам еттиреди. Жойбар жеӊимпазын 30 млн сум ақшалай сыйлық ҳәм жақсы жаӊалықлар күтпекте.
Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы