Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте ыссыханаларда өним жетистириўди қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар белгилеп алынды.

Ыссықхана хожалықларын кредитлеў механизмин қайта көрип шығыў тапсырылды.

Президент жанылғысыз ысытылатуғын, ықшам ыссықханаларды қурыў тәжирийбесин  қоллап-қуўатлаў, таяр ҳалда тапсырыў шәрти менен 10 сотыхлы 200 ге шекем ықшам ыссықхана қурыў ўазыйпасын қойды.

Усы мақсетлерге “Шаӊарақлық исбилерменлик” бағдарламасы шеӊберинде 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер бериледи.

ӨзА