Президент басшлығында өткерилип атырған мәжилисте халыққа бөлип берилген жер майданлары ҳәм қыйтақ жерлерге санаат ҳәм кооперацияны кеӊнен алып кирип, қосымша 1 миллиард долларлық өним жетистириў мүмкин екени атап өтилди.
Буныӊ ушын 1 триллион сум кредит ушын ресурс ажыратылады. Бул кредитлер кооперация тийкарында өним жетистириў, техника, айланба қаржы ушын 100 миллион сумға шекем гиреўсиз, 150 миллион сумға шекем гиреў тәмийнаты 50 процентке азайтылған ҳалда бериледи.
Сондай-ақ, жәми 10 мыӊ техника фермер ҳәм дийқанларға 10 жыл мүддетке 3 жыл жеӊилликли дәўир менен лизингке бериледи. Сырттан алып келинип, лизингке берилетуғын мотокультиватор ҳәм минитракторларға бажыхана жеӊиллиги 3 жылға созылады.
ӨзА