Усы жылы 127 мың гектарда топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм 677 мың гектар жайлаўларды деградациядан шығарыў бойынша жаңа бағдарлама әмелге асырылады.
Президент басшылығында аграр тараўдағы тийкарғы ўазыйпалар ҳәм режелерге бағышлап өткерилип атырған мәжилисте усы ҳаққында мәлим етилди.
Усы жылы бағ, жүзимзар, овощ, палыз, от-жем егини ҳәм ыссыханадан ибарат 1,8 миллион гектар жерлерди де толық санластырыўға тапсырма берилди.
Сондай-ақ, усы жерлерде егинлердиң жайласыўы, вегетация процеси, өнимдарлығы, минерал төгинниң жумсалыўы «Агроплатформа»да жүргизиледи.
ӨзА