Усы жыл 10-февраль күни Нөкис қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының жаңа имаратының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, тараў хызметкерлерин жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиң айрықша итибары менен бундай медициналық орай Өзбекстан көлеминде биринши болып Қарақалпақстанда бой тиклегенин атап өтти.
Елимизде барлық тараўлар қатарында денсаўлықты сақлаў системасында да жаңаланыўлар жүз бермекте. Тараўды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар, белгилеп берилген ўазыйпалар кең көлемли жумысларға беккем тийкар болып хызмет етпекте. Усындай ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы филиалы жаңа имаратыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўын атап өткен орынлы.
Имараттыӊ қурылысы ушын ажыратылған 61 миллиард сум қаржы тийкарында 4 қабатлы етип қурып питкерилген жаңа орай филиалы заманагөй медициналық әсбап-үскенелер ҳәм зәрүрли инвентарьлар менен тǝмийинленди. Нәтийжеде усы күнге шекем Ташкент қаласында өткерилип келинген айырым қурамалы операцияларды усы жердиӊ өзинде әмелге асырыў имканияты жаратылды. Филиал 130 орынға мѳлшерленген болып, буннан тысқары, қосымша 50 орын шөлкемлестириў режелестирилмекте. Сондай-ақ, бул жерде сырт еллердиң тәжирийбели шыпакерлери менен биргеликте айырым қурамалы операцияларды жасалма интеллект жәрдеминде әмелге асырылыў, олардыӊ қатнасында денсаўлықты сақлаў тараўыныӊ соӊғы жетискенликлери бойынша шеберлик сабақларын өткериў, өз гезегинде жергиликли медицина хызметкерлерин сырт еллерге тәжирийбе алмасыўға жибериў күтилмекте.
Илаж қатнасыўшылары жаӊа имаратта жаратылған шараятлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги