Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте атап өтилгениндей, 75 ири каналды бетонлаўға бюджеттен 680 миллиард сум ажыратылған. Тийкарғы мақсет еӊ көп суў ысырап болатуғын каналларды суўғарыў дәўири басланыўына шекем бетонлаўдан ибарат.
Бирақ, Қашқадәрьядағы жойбары таяр 9 каналды бетон қапламаға өткериў жумыслары тек ғана 34 процентке орынланған. Яки, Сырдәрьядағы 3 каналды бетонлаў бойынша орынланған жумыслар 10 процентке де жетпейди.
Президент барлық күшти толық қаратып, вегетация дәўири басланғанға шекем бетонлаў жумысларын жуўмақлаў шәрт екенин атап өтти.
Суў шығынларын азайтыў ҳәм суўды үнемлеп пайдаланыў Суў хожалығы министрлигиниӊ еӊ тийкарғы ўазыйпасы екени атап өтилди.
ӨзА