Президент басшылығында аграр тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм режелерге бағышланып өткерилип атырған мәжилисте усы ҳаққында мәлим етилди.

Бирақ, усы ўақытқа шекем Пахташылық кеңеси, Карантин агентлиги, ўәлаят ҳәкимлери бир тоқтамға келип, қай жерден, қандай сортлы туқым алып келип, қай жерге егиўди шешпегени көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен бир ай мүддетте сырт елден 3 мың тонна туқымлық шигитти алып келиў тапсырылды. Улыўма, усы жылы 100 мың гектарда жоқары зүрәәтли сырт ел пахтасы сортларын егиў зәрүрлиги атап өтилди.

ӨзА