Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Республикада баҳалаў жумысын тәртипке салатуғын беккем ҳуқықый база қәлиплестирилген, баҳалаў хызметлери базарын раўажландырыў, әмелге асырылатуғын баҳалаў жумысларының нәтийжелери ҳәм қалыслығы ушын жуўапкершиликти арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар исленген.

Бүгинги күнде баҳалаў хызметлери базарында қәнигелик сертификатына ийе мыңға шамалас баҳалаўшылар мийнет ететуғын еки жүзден аслам баҳалаўшы шөлкемлер жумыс алып бармақта.

Соның менен бирге, бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер профессионал баҳалаў хызметлери базарын буннан былай да раўажландырыўға және баҳалайтуғын шөлкемлерге болған исенимди арттырыўға тосқынлық етпекте, соның ишинде:

бириншиден, баҳалаў жумысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў функциясын меншиклестириў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў уйымына жүклеў ақыбетинде баҳалаў жумысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў процесинде жүзеге келетуғын мәплер соқлығысыўының бар екени;

екиншиден, баҳалаўшы шөлкемлер капиталының ең аз муғдарына болған жоқары талаплардың бар екени профессионал қәнигелердиң баҳалаў хызметлери базарына кириўин шеклемекте, соның ақыбетинде баҳалаў жумысларының сапасы оларға, әсиресе, бизнести баҳалаў және банк ҳәм қамсызландырыў жумысында артып атырған талапларға сәйкес келмеўи;

үшиншиден, баҳалаўшылардың қәнигели ҳәм кәсиплик шеберлигиниң қанаатландырарсыз дәрежеде екени, сондай-ақ, түрли объектлердиң нырқын баҳалаўдың айрықша шәртлерин және олардың жетискенликлерин хошаметлеўди есапқа алмайтуғын баҳалаўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасының нәтийжесизлиги;

төртиншиден, баҳалаўға бирден-бир қатнасты ҳәм базар конъюнктурасын есапқа алыўды тәмийинлемейтуғын, тез өзгерип атырған базардың заманагөй шәртлерине жуўап бермейтуғын, олардың халықаралық стандартлар менен жетерлише үйлеспеген мүлкин баҳалаў миллий стандартларының бар екени;

бесиншиден, жәмийетлик бирлеспелердиң баҳалаў жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў, баҳалаў ҳаққындағы есаплардың сапасын арттырыў бойынша усынысларды ислеп шығыўда белсендиликтиң жеткиликли емеслиги.

Баҳалаў хызметлери базарын буннан былай да раўажландырыў, баҳалаўшылардың профессионаллық дәрежесин ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў, бул тараўда исленетуғын жумыслардың қалыслығы ҳәм сапасы үстинен қадағалаўды күшейтиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликли раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда Мәмлекетлик бәсеки комитети деп аталады), Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын;

а) баҳалаў жумысын лицензиялаў ҳәм баҳалаў шөлкемлери устав капиталы (устав қоры)ның ең аз муғдарына болған талапты бийкар етиў;

б) баҳалаўшы шөлкемлерди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Аккредитация орайында (кейинги орынларда – Орай) аккредитациялаў тәртип-қағыйдаларын енгизиў;

в) Мәмлекетлик бәсеки комитетиниң:

баҳалаўдың қәнигелик сертификатын бериў функциясын – Корпоративлик басқарыў илимий- билимлендириў орайына;

мүлкти баҳалаўдың жаңа стандартларын тастыйықлаў, сондай-ақ, әмелдеги мүлкти баҳалаў стандартларына өзгерислер, қосымшалар киргизиў ҳәм өз күшин жойытқан деп табыў функциясын – Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигине өткериў.

  1. Мәмлекетлик бәсеки комитети бир ҳәпте мүддетте бурын берилген баҳалаўшы шөлкемлердиң лицензиялары ҳәм баҳалаўшылардың қәнигелик сертификатлары бойынша материалларды Орайға берсин.
  2. 2018-жыл 1-июльден баслап Корпоративлик басқарыў илимий- билимлендириў орайында баҳалаўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша имтиханларды табыслы тапсырған жағдайда белгиленген үлгидеги сертификатлар берилген ҳалда, арнаўлы курслар шөлкемлестирсин.
  3. Баҳалаўшыларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бағдарламалары Корпоративлик басқарыў илимий- билимлендириў орайы тәрепинен баҳалаўшылардың профессионал бирлеспелериниң усынысларын есапқа алған ҳалда тастыйықланатуғыны;

баҳалаўшы шөлкемлердиң бурын берилген лицензияларының әмел етиў мүддетти 2019-жыл 1-январьдан жуўмақланатуғыны;

Корпоративлик басқарыў илимий-билимлендириў орайында ҳәр жылы қәнигелик арттырыў курсларын өткен жағдайда баҳалаўшылардың бурын берилген қәнигелик сертификатларының әмел етиў мүддетти питкенге шекем оларды қайта рәсмийлестириў талап етилмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 5. Баҳалаўшы шөлкемниң жуўапкершилигин қамсызландырыў шәртнамасының әмел етиўи дәўиринде қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз берген жағдайда қамсызландырыўшының қамсызландырыў төлеми төлемин әмелге асырыўы ушын миннетлемеси бойынша қамсызландырыў пулы:

көшер мүлкти баҳалаў ушын, баҳалы қағазлар, үлеслер, интеллектуал мүлк объектлери ҳәм басқа да материаллық емес активлер буған кирмейди – ең кем мийнет ҳақының 2 000 есесинен;

көшпес мүлкти баҳалаў ушын, мүлк комплекси сыпатындағы кәрхана буған кирмейди –  ең кем мийнет ҳақының 2 500 есесинен;

бизнести (мүлк комплекси сыпатындағы кәрхананы, барлық түрдеги материаллық ҳәм материаллық емес активлерди) баҳалаў ушын – ең кем мийнет ҳақының 3 000 есесинен кем болмаўы керек екени белгилеп қойылсын.

  1. 6. Баҳалаўшыларға категория бериўдиң сертификатланған баҳалаўшылар, екинши, биринши ҳәм жоқары категориялы баҳалаўшыларды өз ишине алатуғын система әмелиятқа енгизилсин және баҳалаўшыларға төмендеги тийкарғы талаплар орнатылсын:

екинши категорияға – категория берилип атырған ўақытта баҳалаўшы шөлкемде баҳалаўшы сыпатындағы бир жылдан кем болмаған жумыс тәжирийбесиниң, сондай-ақ, түрли баҳалаў объектлерин баҳалаў бойынша кеминде 15 еркин түрде орынланған жумыслардың бар екени;

биринши категорияға – категория берилип атырған ўақытта баҳалаўшы шөлкемде баҳалаўшы сыпатындағы үш жылдан кем болмаған жумыс тәжирийбесиниң, сондай-ақ, түрли баҳалаў объектлерин баҳалаў бойынша кеминде 25 еркин түрде орынланған жумыслардың бар екени;

жоқары категория – категория берилип атырған ўақытта баҳалаўшы шөлкемде баҳалаўшы сыпатындағы бес жылдан кем болмаған жумыс тәжирийбесиниң, сондай-ақ, түрли баҳалаў объектлерин баҳалаў бойынша кеминде 35 еркин түрде орынланған жумыслардың бар екени.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги бир ай мүддетте баҳалаўшыларға категория бериў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. 7. Баҳалаўшы шөлкемниң устав капиталы (устав қоры)ның кеминде 51 проценти усы баҳалаўшы шөлкемниң бир ямаса бир неше штаттағы баҳалаўшысына тийисли болыўы лазым екени;

2019-жыл 1-январьдан баслап баҳалаўшы шөлкемниң басшысы тек ғана биринши ямаса жоқары категориядағы баҳалаўшысы болыўы мүмкин екени;

баҳалаўшы, егер ол басқа баҳалаўшы шөлкемниң штатында турған болса, баҳалаўшы шөлкем тәрепинен пуқаралық-ҳуқықый шәртнама тийкарында баҳалаў жумысларын алып барыўға тартылмайтуғыны;

буйыртпашы ямаса басқа да шахслардың, егер бул баҳалаў системасының исенимлилигине кери тәсир етиўи мүмкин болса, баҳалаўшының жумысына араласыўына, соның ишинде баҳалаў объектин баҳалаўда анықланыўы ямаса сыпатланыўы лазым болған мәселелер шеңберин шеклеўге жол қойылмайтуғыны;

баҳалаўшы объектив баҳалаўды алып барыўға кесент ететуғын жағдайлар жүзеге келгени ақыбетинде баҳалаўды өткериўге қатнаса алмаўы ҳаққында буйыртпашыға ямаса мийнет шәртнамасын дүзген баҳалаў шөлкемине мағлыўмат бериўи шәрт екени;

баҳалаў объектин баҳалаўды өткергени ушын баҳалаўшыға төленетуғын ҳақы муғдары баҳалаў объекти нырқының жуўмақлаўшы муғдарына байланыслы бола алмайтуғыны;

баҳалаў ҳаққында есаптың ҳақыйқыйлығын экспертизадан өткериў ушын тек ғана биринши ямаса жоқары категориялы баҳалаўшылар тартылыўы мүмкин екени белгилеп қойылсын.

  1. 8. Аффилленген шахс болған баҳалаўшы шөлкем ямаса баҳалаўшы тәрепинен баҳалаў ҳаққында есаплардың ҳақыйқыйлығын экспертизадан өткериў қадаған етилсин, бундай шахслар деп төмендегилер тән алынады:

баҳалаўды алып барған баҳалаўшы шөлкемның мүлк ийеси, шөлкемлестириўшиси (қатнасыўшысы), кредиторы, қамсызландырыўшысы, баҳалаўшысы;

буйыртпашының мүлк ийеси, шөлкемлестириўшиси (қатнасыўшысы, акционери), кредиторы, жумысшысы;

баҳалаў объектиндеги мүлклик мәпке ийе болған ямаса усы бәнтте көрсетилген шахслар менен жақын туўысқан ямаса қуда-тамыр болған шахс;

буйырпашы ямаса баҳалаўшысына алып барған баҳалаўшы шөлкем бақлаў кеңесиниң ағзасы, директор ямаса басқарыў ағзасының ўәкилликлерин әмелге асыратуғын шахс;

устав қоры (устав капиталы)нда баҳалаўды алып барған баҳалаўшы ямаса баҳалаўшы шөлкемниң үлеси болған юридикалық шахс;

нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да шахслар.

  1. 9. Мәмлекетлик мүлкти, сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен сатып алынатуғын объектлерди баҳалаў ушын баҳалаўшы шөлкемди таңлаў мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Мәмлекетлик бәсеки комитети Қаржы министрлиги және Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Мәмлекетлик бәсеки комитети ҳәм оның аймақлық уйымларының буйыртпалары тийкарында баҳалаў объектин баҳалаўда баҳалаўшы шөлкемлер хызметлериниң нырқын анықлаў ҳәм хызметине ҳақы төлеў тәртибин сын көзқарастан қайта көрип шықсын.

  1. 1 Баҳалаўшы шөлкемлерге көрсетилетуғын хызметлер нырқының 15 проценттен кем болмаған муғдардағы басланғыш төлемсиз хызмет көрсетиўге руқсат берилсин.
  2. 11. Өзбекстан Республикасы Баҳалаўшы шөлкемлер ассоциациясы және Өзбекстан Республикасы Баҳалаўшылар жәмийетине:

баҳалаўшылар ҳәм баҳалаўшы шөлкемлердиң жумысын методикалық тәмийинлеў бойынша мәсләҳәтлер бериўди әмелге асыратуғын жәмийетлик экспертлик кеңести дүзиў, сондай-ақ, олардың мүрәжатлары тийкарында баҳалаў ҳаққындағы есапларды көрип шығыў ҳәм олар бойынша усыныслар бериў;

электрон тәризде бирге ислесиў, аналитикалық түсиндирмелерден улыўма пайдаланыў ҳәм мәлимлеме менен алмасыў жолы арқалы барлық баҳалаўшылар ҳәм баҳалаў шөлкемлери (әсиресе, аймақларда), мәмлекетлик уйымлар менен нәтийжели өз-ара бирге ислесиўди шөлкемлестириў;

көрсетилип атырған баҳалаў хызметлериниң сапасын тийкарғы критерия сыпатында нәзерде тутқан ҳалда баҳалаўшылар ҳәм баҳалаўшы шөлкемлердиң жумысын рейтинг баҳалаў системасын енгизиў;

баҳалаўшылар ҳәм базардың басқа да қатнасыўшыларын исенимли мағлыўматлар менен ислеўин тәмийинлейтуғын базар мәлимлемесин топлаў ҳәм таллаў бойынша бирден-бир методикалық усыныслар ислеп шығыў;

турақлы түрде семинарлар, оқыў курслары, дөгерек сәўбетлери, ушырасыўлар, әнжуманлар өткериў, мәмлекетлик уйымларға киргизиў ушын баҳалаў жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм оларды кеңнен додалаў усыныс етилсин.

  1. 12. Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомсвтолар менен биргеликте 2018-жыл 1-августқа шекемги мүддетте 2016-2018-жылларда мәмлекетлик мүлкти баҳалаў бойынша дүзилген контрактларды және әмелге асырылған баҳалаў нәтийжелерин сын көзқарастан үйренсин.
  2. 13. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрилиги ҳәр жылы қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў квоталарын қәлиплестириўде баҳалаў хызметлери базарының қәнигели кадрларға болған реал зәрүрлигин есапқа алсын.
  3. 14. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Мәмлекетлик бәсеки комитети, Өзбекстан Республикасы Баҳалаўшы шөлкемлер ассоциациясы, Өзбекстан Республикасы баҳалаўшылары жәмийети ҳәм басқа да мәпдар ведомсвтолар менен биргеликте:

әмелдеги мүлкти баҳалаўдың миллий стандартларын сын көзқарастан қайта көрип шығыў, оларды заман талапларына муўапықластырыў ҳәм халықаралық стандартлар менен сәйкеслендириў, жетиспейтуғын мүлкти баҳалаў стандартларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў, сондай-ақ, ескиргенлериниң күшин жойтыў илажларын көрсин;

бир ай мүддетте баҳалаў жумысы тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўға байланыслы мәмлекетлик талапларды ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын;

бир ай мүддетте Баҳалаўшы шөлкемлер ҳәм баҳалаўшылар ҳаққындағы жаңаланған реже тастыйықлаў, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин;

ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң усы қарарға муўапық қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин.

  1. 15. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директоры Ш.М.Садиковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы  

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 1-июнь