Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.
Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко 10-февраль күни елине жөнеп кетти. Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
Еслетип өтемиз, сапар бағдарламасына муўапық Ташкент қаласында Жоқары дәрежеде сөйлесиўлер өткерилди. Онда еки мәмлекет арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
Сондай-ақ, сапар шеңберинде бир қатар илажлар шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, аймақлар, ректорлар, медицина хызметкерлериниң форумлары табыслы өткерилди.
Икром АВВАЛБОЕВ,
Носиржон ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА