Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко «Амирсой» таў дем алыў орнына барды.

Ташкентте болып өткен сөйлесиўлерде мәмлекет басшылары мәдений-гуманитарлық бағдарда, сондай-ақ, спорт ҳәм туризм тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириўге келисип алды. Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар жуўмағында  басқа ҳүжжетлер қатарында 2024-2025-жыллары Спорт тараўында бирге ислесиў бойынша бағдарлама ҳәм Туризм тараўында бирге ислесиў бойынша илажлар режесине қол қойылған еди.

Кейинги жыллары Өзбекстанда спорт ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған ири жойбарлар әмелге асырылды. Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы «Амирсой» таў дем алыў орны солардың қатарына киреди. Ақырғы үш жылда бул жерге 4 миллионға шамалас турист келген.

Дүньялық дәрежедеги ҳәр мәўсимге сәйкес усы комлекске сапар етиў даўамында мәмлекет басшылары спортшылар ҳәм туристлер ушын жаратылған шәраятлар менен танысты, еки мәмлекет арасындағы туризм алмасыўын кеңейтиў бойынша пикир алысты.

Жетекшилер қызғын сәўбетти таў-шаңғы трассасында даўам еттирип, биргеликте шаңғы ушты.

ӨзА