10-февраль күни бир айға шамалас Қатар стадионларында даўам еткен футбол бойынша Азия кубоги өз жуўмағына жетти.

Финалда майдан ийелери есапланған Қатар усы жылғы жарыста өзиниң әжайып ойынлары менен көпшиликтиң ықласына бөленген  Иордания менен өз-ара күш сынасты.

Қытайлы төреши Ма Нинг басқарған бул ойында Қатар сайланды командасы 3:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ойында қатарлы Акрам Афифтиң 22-73-90+5–минутларда пенальтиден урған голларына,  иорданиялылар 67-минутта бир гол менен жуўап қайтарды.

Солай етип 18-мәрте өткерилген футбол бойынша Азия кубогинде Қатар сайланды командасы өз тарийхында екинши мәрте усы жарыс жеңимпазына айланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы