Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде ғәрезсизлик жылларында мәденият саласын избе-из раўажландырыў, дүньялық дәрежедеги унамлы тәжирийбелер менен тенденцияларды, жетискенликлер ҳәм нәтийжелерди ҳәр тәреплеме терең үйрениў тийкарында мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң жумысын нәтийжели жолға қойыў, олардың тармағын кеңейтиў, материаллық-техникалық базасын, кадрлардың потенциалын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар берилмекте.

Әне, сол мақсетте 2002-жылы қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық Ташкент мәмлекетлик консерваториясы ушын жаңа имарат қурылып, ол заманагөй талаплар тийкарында үскенеленди. Усы жоқары оқыў орнының абыройын ҳәм статусын арттырыў ушын оған «Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы» атамасы берилди, консерватория жанында талантлы жаслар ушын академиялық музыка лицейи де шөлкемлестирилди.

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының жумысын сын көз-қарастан талқылаў – өткен дәўир ишинде усы жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен академиялық ҳәм миллий музыка көркем өнери бағдарларында жоқары маман кадрларды таярлаў, оқыў-педагогикалық ҳәм илимий дөретиўшилик жумысларды шөлкемлестириў бойынша белгили бир табысларға ерисилгенин, соның менен бирге, бир қатар үлкен кемшиликлерге ҳәм нуқсанларға да жол қойылғанын көрсетпекте.

Жуўапкер шөлкемлер, биринши гезекте Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жетерли дәрежеде әмелий жәрдем ҳәм көмек берилмегени, тийисли қадағалаў алып барылмағаны, жуўапкершилик және талапшаңлық босастырылып жиберилгени ақыбетинде Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясы елимиздиң мәдений турмысындағы өзиниң жетекши орнын, абырой-мәртебесин ҳәм тәсирин жоғалтып, оның жумысы бүгинги заман талапларынан артта қалып атырғаны, бул бағдарда кешиктирмей шешиў зәрүр болған бир қанша әҳмийетли машқалалар бар екенлиги анық көзге тасланбақта.

Соның ишинде, тәлим-тәрбия жумысларының заманагөй стандартлар ҳәм саланың өзине тән өзгешеликлери тийкарында дурыс шөлкемлестирилмегени, оқыў бағдарламаларының және методикасының толық емеслиги, сабақлықлар менен қолланбалардың жетиспеўшилиги, профессор-оқытыўшылардың, илимий ҳәм дөретиўши хызметкерлердиң потенциалы көпшилик жағдайларда талапқа жуўап бермейтуғынлығы, консерваторияның материаллық-техникалық базасы төмен жағдайға келип қалғаны тәшўишлендирмей қоймайды. Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясында оқыўға қабыл етиў квоталарында тең салмақсызлық жүзеге келгени, атап айтқанда,  700 оқыў орны бола тура, әмелде 1346  студент билим алып атырғанын, әлбетте, нормал жағдай сыпатында баҳалап болмайды.

Мине, усындай кемшиликлер менен машқалалар өз гезегинде усы жоқары билимлендириў мәкемесиниң алдына қойылған ўазыйпаларды толық және нәтийжели әмелге асырыўға, мәденият саласы ушын жоқары маман қәнигелер таярлаў сапасына унамсыз тәсир етпекте.

Халқымыздың, атап айтқанда, жасларымыздың дүнья қарасын, руўхыйлық дәрежесин ҳәм эстетикалық тәрбиясын арттырыўда оғада әҳмийетли орынға және әҳмийетке ийе болған музыка көркем өнерин ҳәр тәреплеме раўажландырыў, бай музыка мийрасымызды терең үйрениў, жас әўладты миллий ҳәм жәҳән музыка көркем өнериниң классикалық үлгилерине муҳаббат руўхында тәрбиялаў, сала ушын жоқары маман кадрларды таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириўге байланыслы илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама деп аталады) 1-қосымшаға;

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының структуралық дүзилиси 2-қосымшаға;

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириўге байланыслы илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Бағдарламаның тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

өзбек халқының миллий музыка мийрасы ҳәм жәҳән музыка мәденияты дүрданалары негизинде музыка көркем өнерин раўажландырыў, музыкалық билим бериў системасын сапа жағынан және де көтериў;

халқымызды, биринши гезекте, жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық музыка көркем өнериниң ең жақсы үлгилери менен таныстырыў, сол тийкарда олардың мәдений дәрежесин арттырыў, руўхыйлық жақтан жетик ҳәм бәркамал шахсларды тәрбиялаў;

мүлклик ямаса ведомстволық бойсыныўына қарамастан, музыка көркем өнери, музыка билимлендириўи бағдары ушын кадрлар таярлаў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў ҳәм оларды енгизиў бойынша келисимлерде Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясы методикалық ҳәм дөретиўшилик жақтан таяныш жоқары билим бериў мәкемеси екенин тән алыў;

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, соның ишинде, концерт залларын, аудиторияларды ҳәм арнаўлы бөлмелерди оңлаў және заман талаплары дәрежесинде үскенелеў;

Консерваторияда жумыс ислеп атырған профессор-оқытыўшылардың илимий-педагогикалық шеберлигин арттырыў, оқыў процесиниң сапасы менен дәрежесин түп-тийкарынан жақсылаў, музыка көркем өнери саласында дүньяның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик орайлары, белгили композиторлар, сазенделер ҳәм атқарыўшылар менен бирге ислесиўди жолға қойыў, соның ишинде, шет ел қәнигелерин елимизге мирәт етиў менен бир қатарда республикамызда жоқары нәтийжелерге ерискен сазенделер ҳәм педагоглардың шеберлик сабақларын шет мәмлекетлерде системалы шөлкемлестириў;

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының жас педагог кадрларын материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде зәрүр турмыслық шараятлар жаратыў, ипотека кредитлери тийкарында турақ жай менен тәмийинлеў бойынша анық илажлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

Консерватория ҳәм оның қурамындағы Талантлы балалар академиялық лицейи профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң дөретиўшиилк белсендилигин және де арттырыў, жазғы дем алыс даўамында жаслардың бос ўақты мазмунлы өтиўи ушын Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районында жайласқан санаторияны «Мусиқа оромгоҳи» деген атама менен консерваторияның қарамағына өткериў.

  1. Консерваторияның статусын ҳәм абыройын арттырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы мәденият министри бир ўақыттың өзинде Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының ректоры болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги:

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясында оқыў имаратларының жетиспегенлиги себепли ҳәм студентлер контингентиниң сезилерли дәрежеде артқанын инабатқа алып, 2018/2019 оқыў жылынан баслап Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Мырза Улығбек районындағы, Мустақиллик проспекти, 31-жайда жайласқан В.Успенский атындағы республикалық қәнигелестирилген музыка академиялық лицейине тийисли болған имаратты Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясына орнатылған тәртипте берилиўин тәмийинлесин;

Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Ташкент қаласы, Бухара көшеси, 10-жайда жайласқан имаратты Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясы қарамағына өткериў ҳәм сол имаратта жәҳән стандартларына толық сәйкес келетуғын, академиялық жәмәәтлердиң көркем бағдарламалары өткерилетуғын, жанлы атқарыўға мөлшерленген заманагөй концерт залын қурыў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги усы жойбарларды әмелге асырыўда шет ел қәнигелери менен биргеликте консерваторияның жойбарлаў, қурылыс ҳәм оңлаў жумысларында жуўапкер етип белгиленсин.

Үш ай мүддетте Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясы имаратында «Бийбаҳа саз әсбапларының мәмлекетлик коллекциясы»н шөлкемлестириў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

төрт ай мүддетте Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясына абитуриентлерди оқыўға қабыл етиў бойынша өткерилетуғын кәсиплик (дөретиўшилик) кириў имтиханлары тәртибине өзгерислер киргизиў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

2018-жылдың 1-мартына шекем Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының шөлкемлестириўинде музыка көркем өнери тәлим-тәрбиясы бойынша «Музыка» илимий-методикалық журналының жумысын шөлкемлестирсин;

республикадағы ең жақсы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде, мәденият ҳәм көркем өнер колледжлеринде консерваторияның таяныш дөретиўшилик орайларын шөлкемлестирсин ҳәм оларға консерваторияның жетекши профессор-оқытыўшыларын жиберип, «Шеберлик мектеби» сабақларын өткериўди жолға қойсын.

Бийбаҳа ҳәм қурамалы саз-әсбапларын және де пуқта өзлестириўи ушын ҳәр жылы жас атқарыўшыларды ҳәм техноген көркем өнер түрлери қәнигелерин шет елдеги абыройлы музыка академияларына ҳәм консерваторияларына келисим шәртнамалары тийкарында Мәденият министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры қаржылары есабынан қысқа мүддетли (2-3 айға шекем) оғыўға жиберсин;

талантлы оқыўшылардың ҳәм студентлердиң елимизде, шет мәмлекетлерде өткерилип киятырған абыройлы таңлаўларда, фестивальларда ҳәм илимий-дөретиўшилик конференцияларда Мәденият министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры есабынан турақлы қатнасыўын тәмийинлесин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры қаржылары – 2018-2019-жылларда Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясы жанында музыка саласының педагогларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайын және 400 орынлық жатақхана имаратларын қурыў ҳәм үскенелеў бөлегинде;

Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банкиниң басламасы менен қайырқомлық тийкарында ажыратылатуғын қаржылар – Ташкент қаласы, Шайхантоҳур районы, Алмазар көшеси, 1-жай мәнзилинде жайласқан Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының имаратлары менен объектлериниң материаллық-техникалық базасын модернизациялаў бөлегинде;

Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры қаржылары – «Бийбаҳа саз әсбапларының мәмлекетлик коллекциясы»ның, «Музыка» илимий-методикалық журналының жумысын шөлкемлестириў, жас атқарыўшыларды ҳәм техноген көркем өнер түрлери қәнигелерин шет елдеги абыройлы музыка академияларына ҳәм консерваторияларына оқыўға жибериў, талантлы оқыўшылар менен студентлердиң елимизде, шет мәмлекетлерде өткерилип киятырған абыройлы таңлаўларда, фестивальларда ҳәм илимий-дөретиўшилик конференцияларда қатнасыўын тәмийинлеў бөлегинде;

юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик жәрдемлери, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар – басқа илажларды орынлаў бөлегинде Бағдарламаны әмелге асырыўдың қаржы дәреклери етип белгиленсин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясында жумыс ислеп атырған жоқары маман хызметкерлер, соның ишинде, талантлы жас қәнигелер ушын мүнәсип турақ жай шараятларын жаратыў мақсетинде жеңилликли ипотека кредитлери тийкарында Ташкент қаласында қурылатуғын көп қабатлы үйлерден турақ жайлар ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Ҳүкиметтиң тийисли қарарын қабыл етсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери Х.Султанов ҳәм А.Юнусходжаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 8-август

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының  жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

Бүгинги күнде елимизде мәденият ҳәм көркем өнер саласын избе-из раўажландырыў, дүньялық дәрежедеги унамлы тәжирийбелер менен тенденцияларды, жетискенликлер және нәтийжелерди ҳәр тәреплеме терең үйрениў тийкарында мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң жумысын нәтийжели жолға қойыў, олардың тармағын кеңейтиў, материаллық-техникалық базасын, кадрлардың потенциалын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар берилмекте.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың жақында Өзбекистанның дөретиўши зыялылары менен болған ушырасыўда шығып сөйлеген баянатында бул бағдардағы ўазыйпалар және де анық – айқын белгиленип, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер саласын раўажландырыў бойынша әҳмийетли усыныслар және басламалар алға қойылды. Олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилмекте.

Бул бағдарда, әсиресе, «Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының  жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарар айрықша әҳмийетке ийе.

Қарарда халқымыздың, атап айтқанда, жасларымыздың дүнья қарасын, руўхыйлық дәрежесин ҳәм эстетикалық тәрбиясын арттырыўда оғада әҳмийетли орынға және әҳмийетке ийе болған музыка көркем өнерин ҳәр тәреплеме раўажландырыў, бай музыка мийрасымызды терең үйрениў, жас әўладты миллий ҳәм жәҳән музыка көркем өнериниң классикалық үлгилерине муҳаббат руўхында тәрбиялаў, сала ушын жоқары маман кадрларды таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Президентимиз тәрепинен қол қойылған усы әҳмийетли ҳүжжетке муўапық, Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириўге байланыслы илажлар бағдарламасы, усы билим бериў орнының жаңа структуралық дүзилиси, консерваторияның жумысын және де раўажландырыў ҳәм жетилистириўге байланыслы илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның қурамы тастыйықланды.

Бул бағдарламада бүгинги күнде руўхый турмысымыз ушын үлкен әҳмийетке ийе болған бир қанша мәселелерге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилген.

Соның ишинде, жаслардың мәдений дәрежесин арттырыў, оларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық мәденияттың ең жақсы үлгилери менен таныстырыў, руўхыйлық жақтан жетик, миллий идея ҳәм идеологиямызға садықлық пенен хызмет ететуғын бәркамал шахсларды тәрбиялаў, өзбек халқының миллий музыка мийрасы негизинде, жәҳән музыка мәденияты дүрданаларынан үлги алған ҳалда, музыка көркем өнерин раўажландырыў, музыка билимлендириўи системасын сапа жағынан және де көтериў бойынша анық илажлар бағдарламада сәўлелениўи зәрүрлигине айрықша итибар берилген.

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў. Соның ишинде, концерт залларын, оқыў аудиторияларын, арнаўлы сабақ өтиў бөлмелерин оңлаў ҳәм заман талаплары дәрежесинде үскенелеўге үлкен итибар қаратылған.

Соның менен бирге, консерваторияда жумыс ислеп атырған профессор-оқытыўшылардың педагогикалық шеберлигин буннан былай да арттырыў, оқыў процесиниң сапасы менен дәрежесин түп-тийкарынан жақсылаў, музыка көркем өнери саласында дүньяның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик орайлары, белгили композиторлар, сазенделер ҳәм атқарыўшылар менен бирге ислесиўди жолға қойыў, соның ишинде, шет ел қәнигелерин елимизге мирәт етиў менен бир қатарда республикамызда жоқары нәтийжелерге ерискен сазенделер ҳәм педагоглардың шеберлик сабақларын шет мәмлекетлерде системалы шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилген.

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының жас педагог кадрларын материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде олар ушын зәрүр турмыслық шараятлар жаратыў, ипотека кредитлери тийкарында турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша анық илажлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мәселелери де бағдарламада өз сәўлелениўин табыўы кереклиги белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясында оқыў имаратларының жетиспеўшилиги, студентлердиң саны сезилерли дәрежеде көбейгени тәлим-тәрбия процесслерин жоқары дәрежеде ҳәм сапалы алып барыўда машқала туўдырмақта. Қарарда әне, сол мәселени нәтийжели шешиў илажлары белгиленген. Сол мақсетте, жуўапкер шөлкемлерге 2018/2019 оқыў жылынан баслап Мырза Улығбек районы, Мустақиллик проспекти, 31-жайда жайласқан В.Успенский атындағы республикалық қәнигелестирилген музыка академиялық лицейине тийисли болған имаратты Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясына орнатылған тәртипте бериў ҳәм Ташкент қаласы, Бухара көшеси, 10-жайда жайласқан имаратты Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясы қарамағына өткериў ҳәм сол имаратта жәҳән стандартларына толық сәйкес келетуғын, академиялық жәмәәтлердиң көркем бағдарламалары өткерилетуғын, жанлы атқарыўға мөлшерленген заманагөй концерт залын қурыў ўазыйпасы тапсырылған.

Консерваторияның мәдений турмысымыздағы орнын ҳәм абыройын арттырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы мәденият министри бир ўақыттың өзинде консерваторияның ректоры ўазыйпасын да орынлаўы қарарда белгилеп берилген.

Соның менен бирге, оқытыўшы ҳәм студент жаслардың илимий потенциалынан өнимли пайдаланыў ушын Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының шөлкемлестириўинде «Музыка» илимий-методикалық журналының жумысын жолға қойыў ўазыйпасы белгиленген.

Бир сөз бенен айтқанда, усы қарар Президентимиз тәрепинен миллий музыка көркем өнеримиздиң раўажланыўына көрсетилип атырған жоқары итибардың және бир әмелий үлгиси болып, ол Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының жумысын түп-тийкарынан жетилистириўге, музыка көркем өнери саласында жоқары маман кадрларды таярлаў дәрежесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге қаратылғаны менен оғада үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.