Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте мектеп билимлендириўиндеги реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған ўазыйпалар белгилеп берилди.

Өткен жылы Республика илимий-методикалық орайы шөлкемлестирилди. Соныӊ менен бирге, өткен ҳәптеде Жойбар офиси шөлкемлестирилди ҳәм үлкен илимий-әмелий тәжирийбеси бар ҳәм потенциаллы кадрлар жәмленди.

Орай ҳәм офиске Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, Жоқары билимлендириў министрликлери менен биргеликте:

– мектеплерде математика, физика, химия, биология ҳәм шет тиллер бойынша оқыў режесин ҳәм бағдарламаларды халықаралық стандартлар тийкарында жаӊалаў;

–муғаллимлердиӊ билими, талқылап, сын көзқараста ҳәм креатив пикирлеў, машқалаларға шешим таўып, әмелиятта қоллана алыў көникпелерин қәиплестириўге қаратылған оқыў методикаларын ислеп шығыў тапсырылды.

Онда, тән алынған сырт ел бағдарламалары (A-level, IB каби), оқыўшы ҳәм муғаллимлердиӊ билимин баҳалаўда халықаралық тәжирийбелер (PISA, TIMSS, PIRLS) басқышпа-басқыш енгизиледи.

Усы жылы Президент мектеплери билимлендириў бағдарламасы және 1 мыӊ мектепте басланады. Ҳәкимлер олардыӊ материаллық-техникалық базасын жақсылаўға жуўапкер болады.

ӨзА