Мәжилисте ҳәр жылы бақша тәрбияшыларының орташа тек 9 проценти ғана тәжирийбе арттырып атырғанына наразылық билдирилди.

Буннан тысқары, 12 мың шаңарақлық бақшада мәмлекетлик билимлендириў стандартындағы оқыў-методикалық материаллар жетерли емес.

Мектепке шекемги билимлендириў агентлигине бақша басқарыўшыларына талабанларды таңлап алыў, оларды лаўазымға тайынлаў системасын ислеп шығыў; барлық бақшаларда аўқат, қатнас, төмен пулы сыяқлы барлық процесслерди толық санластырыў; 250 мәмлекетлик бақшада билимлендириў ҳәм тәрбияның сапасын халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў системасын енгизиў тапсырылды.

Бақшаларды миллий қәдириятларымызға сай бирден-бир стандартлар тийкарында оқыў методикалық материаллар менен тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

 

ӨзА