Хожелишилер Бухара сапарында болды

340

Президентимиздиң тапсырмасына тийкарланып Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан  раўажландырыў мақсетинде Бухара ўәлаяты тәрепинен әмелий жәрдем көрсетилип келинбекте. Тийкарынан өткен жылы районда 120 млрд сумлық жаңа жойбарлар әмелге асырылды. Бирге ислесиўди еле де раўажландырыў мақсетинде Хожели районы тараў қәнигелери тәрепинен дүзилген делегация ағзалары Бухара ўалаятында хызмет сапарында болды. Хызмет сапарын шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет, бухаралы исбилерменлер ҳәм бизнес ўәкиллериниң жумысларын жақыннан үйрениў  арқалы бирге ислесиўди жолға қойыў болып есапланады.

Делегация ағзалары хызмет сапарын ўәлаяттағы «Агробанк» АКБ бөлими имаратында өз кәсиплеслери менен ушырасыўдан баслады. Илажда сөзге шыққан район ҳәкими Ж. Ермашев     районда алып барылып атырған жумыслар,  исбилерменлик, өндирис бағдарындағы  имканиятлар,  режелестирилген жана жойбарлар, туризм ҳәм қурылыс тараўында  алдағы ўақытлары исленетуғын ири көлемли жумыслар ҳаққында презентация ислеп, қатнасыўшыларға  таныстырып өтти. Сондай-ақ, Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында районда хызмет түрлери менен шуғылланыўды қәлеўши исбилерменлерге белгиленген жеңилликлер бойынша мағлыўмат берилип,  жаңадан қурылыўы жобаластырылып атырған «Жаслар орайы»нда исбилерменлик жойбарлары орын алғанлығы атап өтилди.

Буннан соң делегация ағзлары ўәлаяттағы «Buxoro Cotton Textile» ЖШЖ да болып пахта жетистириўден баслап оны қайта ислеп шығарып, экспортка жиберилиў аралығындағы процесс пенен танысты.  Соң «Bukhara Agroklaster DZZ» ЖШЖ ға қараслы сүтти қайта  ислеп шығарыўға бейимлестирилген «Lattico» брендинде таяр өнимлерди ислеп шығарыўшы кәрханада болып, олардың жумысы ҳәм абзаллық тәреплерин көрди. Сондай-ақ, усы кәрхана қасында шөлкемлестирилген топырақ қурамын үйренетуғын  лабаротория жумыслары ҳәм заманагөй усылда  басқарылатуғын технологиялар менен танысты.


-Бухараға сапарымыз жүдә үлкен тәсирлер қалдырды. Ўәлаятта ҳәр бир тараўда  заман талаплары тийкарында үлкен өзгерислер, раўажланыўлар бар. Алдағы ўақытлары бирге ислесиў арқалы үлкен нәтийжелерге ерисемиз деген нийеттемиз,-дейди Хожели районы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығы Ю.Бекмуратов.

Хызмет сапары даўамында делегатлар  «Wyndham Bukhara» мийманханасында өткерилген туризм тараўына байланыслы конференцияға қатнасты. Конференцияны басқарып барған ўәлаят ҳәкиминиң орынбасары Б,Шахриёров қатнасыўшыларды  туризм тараўындағы бир қанша мағлыўматлар менен таныстырды.  Бәршеге белгили, Бухара тарийхый қала болып, бул жерде нешше мың жыллық тарийхқа ийе естелик орынлары бар. Конференциядан гөзленген мақсет, туризмди раўажландырыўда бирге ислесиў  мәселелери көрип шығылды. Конференция қатнасыўшылары тарийхый естелик орынлары менен танысып, туризмди раўажландырыўда ўәлаятта әмелге асырылып атырған соңғы жаңалықлардың гүўасы болды.


Бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде өткерилген бул илаж, қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырып, келеси жылларда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға хызмет ететуғын жаңа жойбарларды әмелге асырыўға бағдар болары сөзсиз.

Г. Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы