Қарар ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 29-март күнги «Аграр секторын заманагөй аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеўди хошаметлеўдиң қосымша илажлары ҳаққынды»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнде жумыс алып барып атырған фермер ҳәм дийқан хожалықларының талапларынан келип шығып оларды жаңа аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў илажлары әмелге асырылмақта.

2024-жылы жәми 199 миллиард 578 миллион сумлық 476 аўыл хожалығы техникаларын ҳәм агрегатларды сатып алыў режелестирилген.  Олардың 37 данасын банк кредити, 435 данасын лизинг тийкарында, қалған 4 данасын өз есабынан сатып алыў режелестирилген.

– Соннан, районлар кесиминде Төрткүл районына 24, Беруний районына 30, Елликқала районына 50, Әмиўдәрья районына 42, Тақыятас районына 22, Хожели районына 64, Шоманай районына 29, Қанлыкөл районына 26, Қоңырат районына 25, Нөкис районына 43, Кегейли районына 41, Бозатаў районына 2, Шымбай районына 48, Қараөзек районына 18, Тахтакөпир районына 4, Мойнақ районына 8 аўыл хожалығы техникасын ҳәм зәрүр агрегатларды сатып алыў белгиленди,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң аўыл хожалығын механизациялаў ҳәм агрохимия бөлиминиң бас қәнигеси Қ.Убейдуллаев.

Атызлардағы тийкарғы жумысларды алып баратуғын ең зәрүр техникалардан 156 ҳәм оннан жоқары ат күшине ийе 1 дана Т-7060, 1 дана John Deere 6195M,  10 дана PUMA 210 маркалы және 135-155 ат күшине ийе ҳәр қыйлы маркадағы  жер сүриўши тракторлар сатып алыныўы белгиленди. Сондай-ақ, 80-110 ат күшине ийе 91 дана универсал культиваторлаўшы,  80-110 ат күшине ийе 102 дана культиваторлаўшы ҳәр қыйлы маркадағы тракторлар сатып алынады. Буннан басқа 3 дана бағшылықта қоланылатуғын трактор, 16 дана 4 ҳәм 5 корпуслы плуглар, 17 дана лазерли жер тегислегиш, сондай-ақ, пахта егиў сеялкасы, ғәлле орыў комбайны, пахта териў машинасы, бийдай ҳәм пахта егиў сеялкасы, бүркегиш, минерал төгин себиўши, майда туқым сеялкасы, ғорек териў машинасы, орыў машинасы, эксковатор, бульдозер сыяқшы бир қатар техникалар алынады.


Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги