Футбол бойынша Қатарда өткерилип атырған Азия кубогинде Өзбекстан сайланды командасының шерек финалға шығып, онда футболшыларымыз 3-февраль күни Қатар сайланды командасына қарсы ойын өткеретуғынлығын буннан алдынғы хабарларымызда жәриялаған едик.
Ҳәзирги күнлери командамыз ағзалары бул ойынға қызғын таярлықлар көрмекте. Ал, енди усы футболшылар арасынан кимлер келеси ойынға қатнаса алмайды?-деген сораў кимди болса да қызықтыратуғынлығы турған гәп.
Өзбекстан футбол ассоциациясы сайланды команда ағзалары арасында аязлап аўырған ҳәм жарақат алған футболшылар туўралы мәлимлеме берди.
Онда айтылыўынша «Атабек Шукуров ҳәм Умар Эшмуродов респиратор кеселлик себепли соңғы шынығыўларға қатнаса алмаған. Шыпакерлер бул еки футболшының да болажақ ушырасыўға шекем толық саўалып, сапқа қайтатуғынлығын айтқан. Ал, Шерзод Насруллаевтың болса, жарақаттан толық саўалыўы қыйын өтпекте. Сонлықтан ол турнирде ойынға түсе алмайды.
Игор Сергеев болса, Өзбекстан футбол ассоциациясы тәрепинен шақырылған америкалы белгили хирург Зикриа Башир тәрепинен “Аспетар” клиникасында операция исленген ҳәм шыпакерлердиң шамалаўынша футболшымыздың толық саўалыўы ушын 8 ай талап етилетуғынлығы мәлим болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы