Президент Шавкат Мирзиёев фармацевтика тараўын тәртипке салыў, халықты сапалы ҳәм қәўипсиз дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Дүнья жүзинде фармацевтика санааты кеңейип бармақта, дәри-дәрмақлардың жаңаша түрлери ҳәм қурамлары пайда болмақта. Бул олардың сапасын турақлы қадағалаў, орынсыз тәсирлерди анықлаў ҳәм таллаў зәрүрлигин туўдырды.
Сол себепли 23-январь күни «Фармацевтика тараўын тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» Президент пәрманы қабыл етилди.
Оған бола, дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды таярлаўшы ҳәм сатыўшы шөлкемлер бул өнимлердиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги ушын да жуўапкер етип белгиленди. Соннан келип шығып, оларға байланыслы мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың айрықша қағыйдалары орнатылады.
Дәри-дәрмақ қуралларынан пайдаланыўға байланыслы қәўиплерди оператив анықлаў ҳәм илаж көриўге қаратылған система шөлкемлестириледи. Буның ушын «Зәрүр фармакологиялық қадағалаў әмелияты –GVP» стандарты енгизилип, Денсаўлықты сақлаў министрлигинде дәри-дәрмақлардың унамсыз тәсири ҳаққында электрон база қәлиплестириледи. Бул ҳаққындағы мағлыўматларды медицина хызметкерлери ҳәм халыққа жедел жеткериў жолға қойылады.
Дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды сақлайтуғын бажыхана ҳәм еркин қоймаханалар басқышпа-басқыш «Зәрүр сақлаў әмелияты – GSP» қағыйдаларының талапларына муўапықластырылады. Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги жанындағы Зәрүр әмелиятлар орайы мәмлекетлик кәрханасы сыпатында қайта шөлкемлестириледи.
Телерадиоканаллар арқалы дәри-дәрмақлар ҳәм биологиялық актив қосымшаларды реклама етиў Денсаўлықты сақлаў министрлигинде шөлкемлестирилетуғын арнаўлы кеңестиң шешими тийкарында мүмкин болады.
Мәмлекетимиз басшысы бул тармақтың халықтың саламатлығы ҳәм экономикадағы әҳмийетин атап өтип, пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша көрсетпелер берди.
ӨзА