Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Елимизде қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумысларына қаратылып атырған жоқары итибар нәтийжесинде салада үлкен табыслар қолға киргизилмекте. Қала ҳәм аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин түп-тийкарынан жаңалаў, оларды заманагөй қала қурылысы талаплары тийкарында раўажландырыў ҳәм халықтың турақ жай және социаллық-турмыслық шараятын жақсылаўға қаратылған комплексли илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде бүгинги күнде елимиз үлкен қурылыс-дөретиўшилик майданына айланды.
Усы қурылыс-дөретиўшилик жумысларын әмелге асырыў ушын республикамызда 23,8 мың жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер, 31 бас жойбарлаў институты ҳәм 1000 ға шамалас жойбарлаў шөлкемлери жумыс алып бармақта. Елимизде қурылыс саласы ушын маман кадрлар таярлаў бойынша 3 архитектура ҳәм қурылыс институты жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, 12 жоқары оқыў орнында ҳәм 390 кәсип-өнер колледжинде қурылыс саласы ушын маман кадрлар таярланады.
2017-жылы республикамыз бойынша барлық дәреклер есабынан жәми 37,5 триллион сум көлемде қурылыс жумыслары әмелге асырылып, өткен жылға салыстырғанда 120,5 процентке өсиўи бақланды. Нәтийжеде быйылғы жылы жәми 15 мың арзан үлги жойбардағы турақ жайлар, 191 арзан көп қабатлы жайлар ҳәм 2,5 мың социаллық тармақ объектлери пайдаланыўға тапсырылды.
Тастыйықланған мақсетли бағдарламалар шеңберинде арзан үлги жойбардағы турақ жайлар, көп қабатлы жайлар ҳәм социаллық сала объектлеринен тысқары, ири имаратлар менен инфраструктура объектлери де пайдаланыўға тапсырылмақта. Атап айтқанда, соңғы жыллары Ташкент қаласында «Бунёдкор» стадионы, «Ҳаятт Риженси» мийманханасы, «Инҳа» университети филиалы, «Минор» мешити, Ферғана қаласында көркем өнер сарайы ҳәм футбол стадионы, Жиззақ қаласында стадион ҳәм универсал спорт комплекси, Үргенш қаласында универсал спорт комплекси ҳәм Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты имаратлары заманагөй қала қурылысы талаплары тийкарында қурылды.
Қурылыс саласын жедел раўажландырыў, қурылыста жаңа технологияларды ҳәм энергияны үнемлеўши материалларды қолланыў, қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм жойбарлаў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў және олар ушын маман кадрлар таярлаў системасын күшейтиў саланың раўажланыўында жаңа дәўирди баслап берди.
Салада кең көлемли реформалардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде бүгинги күнге келип қурылыс саласы өзиниң раўажланыўының жаңа басқышына көтерилди.
Республикада әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумысларын жеделлестириў, бүгинги күнде салада қолға киргизилип атырған табысларды үгит-нәсиятлаў ҳәм салада хызмет көрсетип атырған қәнигелерди хошаметлеў мақсетинде, сондай-ақ, салада мийнет етип атырған кең жәмийетшиликтиң усынысларын есапқа алып:
- 2017-жылдан баслап август айының екинши екшемби күни «Өзбекистан Республикасы қурылыс саласы хызметкерлери күни» деп жәриялансын.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери, «Давархитектқурилиш» комитети, тийисли министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери менен шөлкемлер «Өзбекистан Республикасы қурылыс саласы хызметкерлери күни»н салаға сай тәризде ҳәм көтериңки түрде белгилеўди тәмийинлесин.
- Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясына, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигине ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Өзбекистан Республикасы қурылыс саласы хызметкерлери күни»н белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддет ишинде «Өзбекистан Республикасы қурылыс саласы хызметкерлери күни»н белгилеў бойынша тийисли нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары – «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети басқармасының баслығы А.Ж.Раматовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 7-август