Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 29-январь күни турақ жай ҳәм коммунал хожалығы, қурылыс, транспорт ҳәм экология тараўларындағы әҳмийетли ўазыйпаларды талқылаў бойынша видеоселектор мәжлиси өткерилди.
Халыққа мүнәсип шараятлар жаратыў, турмыс сапасын тәмийинлеў мақсетинде бул тараўларда үлкен ислер әмелге асырылмақта. Өткен жылы аймақларда мыңнан аслам инфраструктура имараты, 2 мыңға шамалас көп қабатлы турақ-жай қурылды. Автомобиль жоллары, суў ҳәм ыссылық тармақлары қурылды. Транспорт хызмети ушын жаңа автобус ҳәм самолётлар алып келинди.
Соның менен бирге, қурылыс тараўына заманагөй стандартларды енгизиў ҳәм сапасын тәмийинлеў бойынша кемшиликлер көп. Ишимлик суўының өзине түсер баҳасы ҳәм тармақлардағы шығынлар азаймаған. Пуқаралық авиацияда жергиликли рейслер талапқа қарағанда 2-3 есеге аз. Темир жолда жүк тасыўға көп ўақыт кетпекте. Ташкент қаласында тығылыс машқаласы елеге шекем шешилгени жоқ. Ҳаўа патасланыўының алдын алыў бойынша илажлар жетерли емес.
Сын көзқарастан өткен мәжилис алдында усы сыяқлы кемшиликлердиң себеплери көрип шығылды. Жумысында немқурайлыққа жол қойған бир қатар басшыларға интизамый шаралар қолланылды.
Транспорт, коммуникациялар, қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы системасына киретуғын барлық министр ҳәм ҳәким орынбасарларының жумысына нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) енгизилиўи белгиленди.
Усы жылы инвестиция бағдарламасы шеңберинде 1 мың 637 инфраструктура имаратының қурылысы режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы бунда бюджет қаржыларын нәтийжели жумсаў, қурылыслардың сапасын тәмийинлеў зәрүрлигине итибар қаратты.
Әмелдеги жойбарлаў ҳәм қурылыс процесслери ресурс усылына тийкарланған. Жойбар шөлкемлери объекттиң баҳасын имканы барынша «исириўге» ҳәрекет етпекте. Қурилысларда талан-таражлық ҳәм урлық жағдайлары жүз бермекте.
Сонлықтан енди жойбардан баслап, объектти пайдаланыўға тапсыраман дегенше барлық процесслер жаңаша шөлкемлестириледи. Оған бола, кейинги жылы 1-январьдан барлық жойбарлаў смета ҳүжжетлерин таярлаў, қурылыс ҳәм оларды қабыл етиўде ресурс усылынан ўаз кешилип, көлем усылына өтиледи.
Бул тәртип усы жылы 1-июльдан жол, ишимлик суўы ҳәм көпир қурылысы жойбарларында енгизиледи. Усы тараўларды коррупциядан жырақ етиў мақсетинде қурылыста дүзилетуғын барлық шәртнамалар санластырылады, жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем орынлаған жумыслар тек салық уйымына усынылған электрон есап-фактурадан келип шығып қаржыландырылады, объектти пайдаланыўға қабыл етиў процеси санластырылып, актлер «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасында тастыйықланады. 10 миллиард сумнан аслам жойбарлар бойынша суб жумысты бөлип алып ислеўшилерди таңлаў да усы система арқалы жолға қойылады.
Бул тәртип халықаралық қаржы шөлкемлериниң қатнасыўындағы жойбарларға да енгизилип, қурылыс материалы қай жерде қанша пул туратуғынын онлайн бақлап баратуғын система болады.
Барлық есап-санақ, пулды үнемлеў жойбарды ислеп шығыў процесинде болыўы кереклиги атап өтилди. Буның ушын Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигинде Жойбар офиси дүзиледи. Ол баҳасы 10 миллиард сумнан жоқары жойбарларды ислеп шығыў процесинде олардың тийкарлылығын, қәўипсизлиги ҳәм энергия үнемлеўин баҳалап барады. Социаллық шөлкемлер ҳәм коммунал объектлер бойынша үлги жойбарлар ислеп шығады. Буннан былай, Жойбар офисиниң усынысы болмаған жойбар ҳүжжетлери мәмлекетлик экспертизаға қабыл етилмейди.
Жуўапкерлерге қурылыс нормаларын сырт ел тәжирийбеси тийкарында жаңалаў, қурылыс материаллары тараўында «жасырын экономика»ға шек қойыў, бул бойынша электрон классификаторды иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, 2025-жылы 1-январьдан бюджет есабынан исленетуғын барлық сатып алыўшылар Салық комитетиниң «Е-омбор» платформасы арқалы әмелге асырылыўы белгиленди.
Усы жылы халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўде 2,5 миллиард долларлық жаңа жойбарлар басланады. Атап өтилгениндей, енди бундай жойбарлардың техника-экономикалық тийкарлары да мәжбүрий экспертизадан өткериледи.
Сондай-ақ, сыртқы қарыз есабынан жойбарды әмелге асырыў системасы да өзгереди. Онда жойбардың баҳалаў есабаты ҳәм техника-экономикалық тийкарлары бир-бирине сәйкеслендирилип, бир жойбар ҳүжжети ислеп шығылады. Нәтийжеде ўақыт 8-9 айға қысқарады. Техникалық-экономикалық тийкары тастыйықланбаған жойбарға қарыз тартыўға жол қойылмайды.
Мәжилисте қалаларды режелестириўдеги кемшиликлер көрсетип өтилди. Көп орынларда бул өз ҳалына таслап қойылғаны ақыбетинде социаллық инфраструктура, хызметлер ҳәм жумыс орынлары бирдей раўажланбай атыр. Айырым имаратлар шала-шарпы, көшелер түрине сәйкес емес түрде қурылып атыр.
Сол себепли, өзбасымшалық пенен ҳәм нызамсыз қурылған объектлерди тәртипке салыў бойынша нызамшылықты беккемлеў, тийисли уйымлардың қатнасыўында жаңа система жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Быйыл 170, келеси жылы кеминде 300 қала ҳәм қалашаның бас режесин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Онда «Мениң аймағым» платформасы иске түсирилип, ҳәр бир реже халық пенен ойласып исленеди ҳәм орынланыўы бойынша жәмийетшиликтиң бақлаўы орнатылады.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа турақ жайлардың өзине түсер баҳасы мәселесине айрықша тоқтап өтти. Қурылыс компанияларын қаржы ресурслары менен тәмийинлеў мақсетинде Ипотеканы қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилиўи белгиленди.
Усы жылы 80 мың квартиралы 1 мың 800 турақ жай ҳәм 45 «Жаңа Өзбекстан» массивлери қурылатуғыны айтылды.
Коммунал тараў талқыланып, көпшилик көп қабатлы жайларда энергия жумсалыўы жоқары екени атап өтилди. Сол себепли оларда энергияны үнемлеў бойынша өз алдына бағдарлама әмелге асырылады. Оған муўапық, көп қабатлы жайлар орнына қарап орайласқан, локал яки индивидуал ысытыў системасына, айырым қазанханалар когенерация технологиясына өткериледи. Бул арқалы 2024-жылдың өзинде 600 мың гигакалория ыссылық энергиясы ҳәм 2,5 миллиард киловатт электрди үнемлеў мүмкин.
Соңғы жыллары ишимлик суўы тараўына 25 жойбар шеңберинде халықаралық қаржы шөлкемлеринен 2,5 миллиард доллар тартылады. Өткен жылдың өзинде барлық дәреклерден 8 триллион сум бағдарланды. Усы жылы қосымша 1,5 миллион халықты орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлеў режелестирилмекте.
Жуўапкерлерге ишимлик суўы сапасы стандартларын жаңалап, барлық имаратларда енгизиў, насосларды модернизациялап, суў жеткерип бериўдиң өзине түсер баҳасын кемейтиў бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, 5 қалада – Когон, Ширин, Янгиер, Бекабад ҳәм Янгийўл қалаларында тәжирийбе ретинде суў тәмийнатына жеке меншик шериклер тартылатуғыны айтылды.
Көп қабатлы жайларды оңлаў, жертөлелерин исбилерменлерге ижараға бериў мәселелерине де тоқтап өтилди. Енди бул бағдардағы мағлыўматлар да санластырылып, «Мениң үйим» системасына байланысады ҳәм халық ҳәм басламашыларға ашық жәрияланады.
Басқарыў компаниялары ҳәм ширкетлердиң кредитлерин сөндириў ҳәм дебитор қарыздарлығын қысқартыў илажлары белгиленди.
Улыўма, электр энергиясы, газ, суў, ыссылық, шығынды ҳәм салық төлемлери бойынша үйдиң бирден-бир биллинг есап-номерин енгизиў ўақты келгени атап өтилди.
Транспорт тараўы ҳаққында сөз барғанда, бәринен бурын жәмийетлик транспорттың қамтып алыўын арттырыўға айырықша әҳмийет қаратылды. Жаңа автобуслар алып келиў, қалаларда жолаўшы тасыўды брутто-шәртнама тийкарында қаржыландырыўға өткериў бойынша көрсетпелер берилди.
Жол қурылысында «жасырын экономика»ның үлеси жоқары, оны бақлайтуғын Транспорт инспекциясының жумысы төмен екенлиги көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге жол қурылысындағы 40 тан аслам стандарт ҳәм нормаларды Халықаралық инженер-консультантлар федерациясы талапларына сәйкеслендириў тапсырылды.
Халықаралық бағдарларда темир жол қатнаўларын, жүк ҳәм жолаўшы вагонларын ислеп шығарыўды көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди. «Қоқанд», «Самарқанд» ҳәм «Ташкент» вокзаллары, «Әндижан» ҳәм «Үргенш» аэропортларын басқарыў меншик секторға берилиўи белгиленди. Сондай-ақ, Шаҳрисабз, Сариосиё ҳәм Қоқанд аэродромлары оңланып, жергиликли авиақатнаўлар жолға қойылады.
Ташкент қаласында тығылыс машқаласының шешимин табыў, дренаж системасын модернизациялаў бойынша да көрсетпелер берилди.
Экологияни сақлаў бүгинги күндеги ең әҳмийетли мәселелерден.
Мәмлекетимизде 2020-жылдан берли 22 мың жаңа санаат кәрханасы иске түскен. Улыўма, бүгинги күнде санаат кәрханалары ҳәм автомобильлерден атмосфераға жылына 2 миллион тоннадан зыят патасландырыўшы элементлер шығып атыр. Көпшилик жағдайларда, қурылыс объектлери ҳәм жойбарлары экологиялық экспертизадан өткерилместен әмелге асырылмақта.
Соның ушын 1-апрельден баслап ҳәр бир аймақтың ҳаўа, суў ҳәм қоршаған орталықтың патасланыў дәрежесине қарап дүзилетуғын рейтинги енгизилетуғыны белгиленди. Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, ўәлаят орайлары ҳәм санаатласқан 20 районда автоматикалық ҳаўа мониторинги станцияларын орнатыўды баслаў ўазыйпасы қойылды.
Үлкен санаат ҳәм барлық цемент кәрханаларында заманагөй шаң-газ тазалаў үскенелери орнатылады, ескилери алмастырылады. Қурылыс материаллары, энергетика, металлургия кәрханалары тәрепинен 5 гектардан «жасыл белбеў» жаратылып, жәми 10 миллион түп терек егиледи.
Кейинги бес жыл даўамында Ташкент қаласы ҳәм оған тутас Ташкент ўәлаяты районларында 3 мың гектар «жасыл белбеў» ҳәм 200 гектар «жасыл бағлар» қурылады.
Ташкент қаласында атмосфера ҳаўасының сапа көрсеткишин турақлы көрсетип баратуғын табло ҳәм мониторлар орнатылады. Сондай-ақ, пайтахт көшелеринде аўыр жүк машиналары ҳәм мүддети 10 жылдан асқан автомобильлер ҳәрекети басқышпа-басқыш шекленеди. 2025-жылы 1-январьдан «Аи-80» маркалы бензиннен ўаз кешиў мәселеси шешиледи.
Ташкент қаласының жәмийетлик транспортын электр ҳәм газге өткериў, метро вагонларының санын арттырыў илажлары көриледи. «Жасыл энергетика»ны қоллап-қуўатлаў, экологиялық машқалалардың алдын алыў ҳәм зыянлы ақыбетлерди азайтыў мақсетинде халықты электромобильлерге өтиўин хошаметлеў системасы енгизиледи.
Мәжилис жуўмағында Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер усы жылғы режелери бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА