Соңғы жыллары елимизде Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл аймаққа айландырыў ҳәм сол арқалы аймақтың экологиясын жақсылаў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимлик нәллери егилмекте.

Өткен жыллар ишинде, еки млн гектар жерге шамалас теңиз ултанына сексеўил, черкез, қандым сыяқлы шөлге ҳәм шорға шыдамлы өсимликлерден ибарат жасыл майданлар жаратылды.

БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясы менен Аралбойы аймағы экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы деп жәрияланды.

Қыс айы Арал теңизиниң қурып қалған ултанына шөлге шыдамлы егинлерди егиў ушын оғада қолайлы ддәўир есапланады. Буны жақсы аңлаған Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларындағы мәмлекетлик тоғай хожалығы хызметкерлери теңиздиң «Ақбеткей»  массивинде сексеўил ҳәм басқада шөлге шыдамлы өсимликлер туқымын жыйнаў ҳәм егиў жумысларын баслап жиберди.


Алып барылған жумыслар менен танысыў ҳәм жумысшылардың ҳалынан хабар алыў мақсетинде, Қараөзек районы  ҳәкими Узақберген Утамбетов усы массивке барып, егис жумысларының барысы ҳәм жумысшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, быйылғы жылы  Арал теңизиниң 100 мың гектар қурыған ултанына шөлге шыдамлы өсимликлер егиў режелестирилип, соннан 85 мың гектары самолётта туқымнан егиў, 10 мың гектарын арнаўлы техника жәрдеминде  туқымнан ҳәм  5 мың гектарын нәлден егиў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытлары бул жумыслар қызғын алып барылмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлги шолыўшысы