Президент басшылығында турақ жай, қурылыс, коммуналлық хожалық, транспорт ҳәм экология тараўларында әмелге асырылған жумыслар ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис болып өтпекте.

Қурылысты коррупциядан аўлақ тараўға айландырыў мақсетинде 1-июльден:

– қурылыста дүзилетуғын барлық шәртнамалар санластырылады;

– жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиӊ орынлаған қурылыс жумыслары тек ғана салық уйымына усынылған электрон есап-фактурадан келип шығып қаржыландырылады;

– объектти пайдаланыўға қабыл етиў процеси санластырылып, актлер “Ашық қурылыс” арқалы тастыйықланады;

– 10 миллиард сумнан аслам жойбарлар бойынша суб жумысты бөлип алып ислесўшилерди тек ғана “Ашық қурылыс” системасы арқалы таӊлаў тәртиби жолға қойылады. Бул тәртип халықаралық қаржы шөлкемлери менен әмелге асырылып атырған жойбарларға да енгизиледи;

– ислеп шығарыўшы да, қурылысшы да, қадағалаўшы да қай жерде қайсы қурылыс материалы қанша пул туратуғынын онлайн бақлап баратуғын система болады.

ӨзА