Президент басшылығында турақ жай, қурылыс, коммуналлық хожалық, транспорт ҳәм экология тараўларында әмелге асырылған жумыслар ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис болып өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы комплекске киретуғын министрлик ҳәм уйымлар алдында турған турақ жай ҳәм қурылыс тараўындағы еӊ әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Быйыл инвестиция бағдарламасы шеӊберинде 1 мыӊ 637 инфраструктура объектин қурыў белгиленген.

Бирақ, тараў яки аймақ басшылары бюджет қаржыларын нәтийжели жумсаў, қурылыслардыӊ сапасын тәмийинлеў бойынша үлги болатуғын система жаратпағаны атап өтилди.

Қурылысларға ажыратылған бюджет қаржыларын мақсетсиз жумсаў, талан-тараж етиў ҳәм урлық жағдайлары көрсетип өтилди.

Айырым қурыўшы исбилерменлердиӊ жасырын жумыс алып барыўына яки бундай ислеўге мәжбүр ететуғын шараятлар бар екени атап өтилди.

ӨзА