Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте транспорт системасын санластырыў, жол қурылысы ҳәм эксплуатациясына жеке меншик секторды тартыў, темир жолда жүк тасыў автомобильге салыстырғанда 3 есеге көп ўақыт талап етип атырғаны, ҳаўаның патасланыўының алдын алыў бойынша илимий тийкарланған усыныс ҳәм есап-санақлар исленбей атырғаны бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар жумысындағы немқурайдылықлар көрсетип өтилди.

Комплекс қурамына киретуғын министр ҳәм ҳәкимлердиң режелери ҳәм нәтийжелери төмен болған орынбасарлары жумыстан босатылып, оларға анық KPI белгиленетуғыны ҳәм буннан кейин бир жыл мүддетке шәртнама тийкарында жумысқа алынатуғыны белгиленди.

Ташкент қаласы Ташкент ўәлаяты ҳәкимлеринде қурылыс ҳәм коммунал хожалығына жуўап беретуғын 1 орынбасар болатуғыны белгиленип өтилди.

ӨзА