Президент басшылығында турақ жай, қурылыс, коммуналлық хожалық, транспорт ҳәм экология тараўларында әмелге асырылған жумыслар ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис басланды.
Бул системада 3 министрлик ҳәм уйым, 3 инспекция, 5 компания, аймақларда қурылыс, турақ жай ҳәм коммуналлық хожалық тараўларына жуўапкер ҳәким орынбасарлары бар екени, пайтахт ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлерине қурылыс ҳәм коммуналлық тараўға өз алдына орынбасар белгиленгенине қарамастан, бул комплекс халқымыз еӊ көп наразы болып мүрәжат ететуғын тараўлардан бири екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы қурылыс тараўына заманагөй стандартларды енгизип, қурылыс нормаларын жаӊалаў, ишимлик суўыныӊ өзине түсер баҳасы ҳәм тармақтағы ысырапгершиликлерди азайтыў, жергиликли авиарейслерди көбейтиў, Ташкент қаласында тығылысларды кемейтиў ҳәм жәмийетлик транспортты жақсылаўдағы кемшиликлерди бирме-бир санап, жуўапкерлердиӊ бул бағдардағы жумыслары қанаатландырарсыз екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен транспорт министри И.Маҳкамов, оныӊ биринши орынбасары М.Омаров, ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети баслығы О.Саидов ҳәм “Тошшаҳартрансхизмат” АЖ баслығы А.Жўраевқа сөгис жәрияланды ҳәм ақырғы ескертиў берилди.
ӨзА