Футбол бойынша Азия кубоги шерек финалының дәслепки ойыны Тәжикстан – БАӘ ушырасыўы 28-январь, екшемби күни болып өтти.
Ойынның 7-минутында Тәжикстан футболшысы Ваҳад Ҳанонов есапты ашты. Биринши бөлим 1:0 есабында жуўмақланды.
Екинши бөлим де дерлик теңдей гүреслер астында өтти. Ойын ақырына келип болса БАӘ есапты теңлестириўге еристи. Халифа аль-Ҳаммади ушырасыў қосымша бөлимлерде де даўам етиўин тәмийинледи.
Қосымша бөлимлерде болса дәрўазаларға басқа гол урылмады ҳәм жеңимпаз пеналтилер сериясында анықланатуғын болды.
Пеналтилер сериясында Тәжикстан 5:3 есабында жеңиске ерисип, дебют жарысының өзинде шерек финал жолланмасын қолға киргизди.
Тәжикстан кейинги басқышта Ирак-Иордания жуплығында жеңиске ерискен командаға қарсы майданға түседи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги