Кеселликлерди ерте анықлаў дәрежеси 70 процентке жеткериледи

“Халық саламатлығы — 2030” стратегиясы жойбарыныӊ 2024-2026-жылларға мөлшерленген әмелий илажлар режесине бола, мәмлекетимизде кеселликлерди ерте анықлаў дәрежесин 70 процентке жеткериў режелестирилмекте.
Усы мақсетте ҳәр жылы:
6,7 млн. 40 ҳәм оннан үлкен жастағы халық арасында еӊ көп ушырасатуғын жүрек-қан тамыр, қантлы диабет, өкпениӊ созылмалы обструктив кеселликлери қәўипин анықлаў мақсетинде профилактикалық тексериўлерди өткериў;
— 18 – 40 жастағы 12,6 млн. халықты профилактикалық тексериўден өткериў;
9 млн. мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниӊ тәрбияланыўшылары ҳәм орта мектеп оқыўшыларын медициналық тексериў менен қамтып алыў;
— онкологиялық кеселликлерди ерте басқышларда анықлаў мақсетинде жылына 3 млн. халықты скринингтен өткериў мөлшерленбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги