Қытай Халық Республикасында болып өткен форум шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы басшылығындағы делегация “Shandong Energy Group Co., Ltd” компаниясы басшылары менен ушырасып, еки тәреплеме сөйлесиўлер алып барды.


“B2B” ҳәм “G2B” форматларында өткерилген ушырасыўларда республикамыз аймағында таў-кән металлургиясы бойынша жойбарларды әмелге асырыў мәселелери талқыланды.


Компания ҳәкимшилиги менен еки тәреплеме бирге ислесиў, перспективалы жойбарлар үстинде жумыс алып барыў, сондай-ақ, республикамызда дәслепки баҳасы 150 миллион долларлық металлургия санааты жойбарын әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги