Арқа Корея жетекшиси Ким Чен Ин мәмлекет аймақларының экономикасы аўыл жағдайда екенин тән алды.

«Жергиликли халықты тийкарғы талаплар – азық-аўқат ҳәм тутыныў товарлары менен тәмийинлей алмаў сиясий машқалаға айланды, буған партиямыз ҳәм ҳүкиметимиз ҳеш қашан көз жума алмайды», деп оның сөзлеринен үзинди келтирген Yonhap агентлиги Арқа Корея ғалаба хабар қуралларына тийкарланып.

Ким Чен Ин аймақлық экономикасы «төмен жағдайда» екенин атап өтип, айырым орынлар ҳәм экономикалық мәкемелер ҳеш қандай жумыс ислемей, қуры гәп-сөз бенен бәнт екени ҳәм зәрүр реал имканиятларды таба алмағанын келтирди.

КХДР баслығы заманагөй заводлар қурыў керек болған аймақларда экономикалық раўажланыў әҳмийетли екенин атап өтип, мәмлекет тәрепинен толық қоллап-қуўатланатуғынана ўәде берди.

Ким Чен Ин Корея халық армиясы әскерлерин аймақларда санаатты раўажландырыў машқалаларын шешиў ушын қамтып алыў ҳаққындағы пәрманға да қол қойған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги