Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола 23-25-январь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.
Мәмлекетимиз басшысы 25-январь күни Шэньчжэнь қаласында Гуандун провинциясы партия комитетиниң хаткери Хуан Куньмин менен ушырасыў өткерди.
Гуандун – Қытайдың ең раўажланған аймақларынан болып, мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң дерлик 10 процентин қәлиплестиреди ҳәм бул көрсеткиш бойынша жетекшилик етеди. Провинция Өзбекстан аймақларының ең ири экономикалық шериги болып есапланады.
Ушырасыўда провинция менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди, бәринен бурын, жоқары технологиялық тармақларда кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
Күни кеше ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерилгени, олардың шеңберинде аймақлараралық байланысларды және де кеңейтиў мәселеси қоллап-қуўатланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Санаат кооперациясын тереңлестириў, соның ишинде, Гуандунның жетекши компаниялары ушын мәмлекетимиз аймақларында қәнигелестирилген жоқары технологиялық парклер шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
24-январь күни болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда шөлкемлестирилиўи келисип алынған Өзбекстан ҳәм Қытай аймақлары кеңесиниң жумысында Гуандун әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Провинция аймағында жайласқан «Huawei», «BYD», «ZTE» ҳәм басқа да алдынғы компаниялар менен бирге ислесиўди раўажландырыўдан Өзбекстанның мәпдарлығы атап өтилди.
Гуманитарлық байланыслар ҳәм исбилерменлик алмасыўларды жеделлестириў мақсетинде IT билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳәм тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў мәселелери көрип шығылды.
Қытай Халық Республикасына мәмлекетлик сапардың исбилерменлик илажлары даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Гуандун провинциясы партия комитетиниң хаткери Хуан Куньмин менен биргеликте Шэньчжэнь қаласында өтип атырған биргеликтеги Инвестициялық форумда қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өткен жыл май айында Қытайға мәмлекетлик сапары шеңберинде де усы мәмлекеттиң исбилермен, қаржы ҳәм инвестициялық топарларының жетекши ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерген еди. Сол ўақытта ерисилген әҳмийетли келисимлер еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти және де кеңейитти.
Бүгинги инвестициялық форум нәтийжели сөйлесиўдиң даўамы болып, еки мәмлекет уйымлары ҳәм аймақларының басшыларын, Қытай ири бизнесиниң 600 ден аслам ўәкилин қамтып алды. Қытайдың Миллий нефть-газ корпорациясы, Миллий химия-инжиниринг компаниясы, Аэрокосмослық илимий-санаат корпорациясы, «China Energy», «Gezhouba Group», «China CAMC Engineering», «Huawei Technologies», «SANY Renewable Energy», «BYD Auto Industry», «Xinjiang Hualing Group», «ZTE», «TBEA», «Universal Energy» компаниялары, Қытай раўажланыў банки, Мәмлекетлик раўажланыў банки, Экспорт-импорт банки усылардың қатарына киреди.
Мәмлекетимиз басшысы форумды ашып, барлық қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап ҳәм илаж ҳақылы түрде Қытайдың инвестициялар пайтахты есапланған Шэньчжэнь қаласында өткерилип атырғаны да өзине тән символикалық мәниске ийе екенин атап өтти.
– Бүгин мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықлар биринши гезекте, экономикалық бирге ислесиў байланысларынан күш алады, – деди Президент.
Күни кеше ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ерисилген нәтийжелерден бири мәмлекетлеримиз бизнес ўәкиллериниң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша келисимлер болды.
Қабыл етилген тарийхый ҳүжжет – Өзбекстан-Қытай қатнасықларын барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығатуғын мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўи де буған хызмет етеди.
Өзбекстан Президенти еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жедел пәтте өсип, кең көлемге ийе болып атырғанына айрықша итибар қаратты.
Атап айтқанда, кейинги жылларда өз-ара саўда көлеми еки есеге көбейип, 2023-жылы рекорд көрсеткиш – 14 миллиард долларға жетти. Мәмлекетимиз басшысы жақын жылларда, соның ишинде, аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди кеңейтиў, айырым түрдеги өнимлер бойынша жеңиллетилген саўданы жолға қойыў ҳаққында жаңа ҳүкиметлераралық келисим дүзиў арқалы бул көрсеткишти 20 миллиард долларға жеткериў ушын имканият бар екенин және бир мәрте атап өтти.
Қытайдың Өзбекстанға киргизген улыўма инвестициялары көлеми 14 миллиард доллардан артты. Қытай инвестициясының қатнасыўындағы кәрханалар саны үш есеге көбейди.
Мәмлекетимиз басшысы жақында Урумчиде өткен аймақлараралық форум ҳәм санаат өнимлери көргизбесинде әҳмийетли инвестициялық келисимлерге қол қойылғанын жоқары баҳалады.
Өзбекстан тәрепи бул исбилерменлик платформасын системалы түрге ендириў ҳәм гезектеги форумды елимизде өткериўге таяр екени билдирилди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы турақлы жумыс жүргизетуғын еки мәмлекет аймақлары кеңесин шөлкемлестириў бойынша режелерди қоллап-қуўатлайды.
Бизге белгили, Жаңа Өзбекстанда экономиканы либералластырыў ҳәм базар механизмлерин енгизиў бойынша структуралық өзгерислер әмелге асырылмақта.
Жоқары технологиялық санаат өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларын қоллап-қуўатлаў қоры дүзилген. Усы айдан баслап «санаат ипотекасы» иске қосылмақта, бунда жер ҳәм өндирис майданлары «таяр бизнес» түринде инвесторларға бериледи.
Ири банклер, санаат ҳәм инфраструктура объектлерин меншиклестириў процесслерин жеделлестириў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиўге үлкен итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
Биргеликтеги ҳәрекетлерди жаңа жойбар ҳәм басламаларды алға қойыўға жумсаў әҳмийетли екенин атап өтип, мәмлекетимиз басшысы келеси бирге ислесиўдиң тийкарғы ҳәм перспективалы бағдарларын көрсетип өтти.
Булар – инфраструктураны раўажландырыў жойбарларына Қытай қаржы институтларының қаржыларын тартыўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизген ҳалда усы мәмлекет компаниялары менен шерикликти кеңейтиў, экономиканың тийкарғы тармақларында, соның ишинде, стратегиялық шийки затты терең қайта ислеўде санаат кооперациясын раўажландырыў.
Буннан тысқары, аўыл хожалығын турақлы жүргизиўде Қытайдың алдынғы технологияларын тартыў ҳәм жерлерди қайта тиклеў ҳәм дузға шыдамлы өсимликлерди егиў бойынша илимий көзқарасларды енгизиў.
«Жасыл» энергетикада стратегиялық шерикликти және де алға қойыў ҳәм Қытай компанияларының меншиклестириў бағдарламасында қатнасыўы да әҳмийетли бағдарлар сыпатында атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен инвестициялық жойбарлар портфелин, инфраструктура ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бағдарламаларын кеңейтиў бойынша қытайлы шериклер менен келисимлерге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Сондай-ақ, сапар даўамында Қытайдың жетекши банклери тәрепинен жойбарларды қаржыландырыўды кеңейтиў, Экспорт-импорт банкиниң ўәкилханасын ашыў ҳәм Жипек жолы фонды менен биргеликте жаңа Инвестициялық платформаны жаратыў бойынша қабыл етилген қарарлар қытайлы бирге ислесиўшилердиң Өзбекстандағы табыслы жумысына күшли пәт бағышлайтуғыны атап өтилди.
– Және бир жаңалық. Ҳәр бир қытайлы бирге ислесиўшиге жойбарлар басынан ақырына шекем басшылық ететуғын инвестиция менеджери тайынланды. Олар компанияларыңыз жойбарларды табыслы әмелге асырыўында жаңа имканиятлар жарататуғынына айрықша исенемиз, – деди Президент.
Гуандун провинциясы партия комитетиниң хаткери Хуан Куньмин да форум қатнасыўшыларына мүрәжат етти. Президентимиз алып барып атырған артқа қайтпайтуғын реформалар сиясатын толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирип, Өзбекстанда ашылып атырған үлкен имканиятларды атап өтти ҳәм Қытай бизнесин мәмлекетимизде өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыўда және де жеделлирек қатнасыўға шақырды.
Бизнес форум жуўмағында энергетика, нефть-газ, таў-кән, электротехника, жеңил санаат, машина қурылысы, инфраструктураны раўажландырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, транспорт ҳәм логистика тараўларында жойбарларды әмелге асырыў бойынша ҳүжжетлердиң үлкен топламына қол қойылды.
«Жол картасы» ислеп шығылып, ҳәр бир жойбарға жуўапкер менеджерлер бириктириледи.
Жуўмағында Өзбекстан Президенти усы Гуандун инвестициялық форумын ҳәр жылы шөлкемлестириў басламасын алға қойып, оның гезектеги ушырасыўын келеси жылы Самарқанд қаласында өткериўди усыныс етти.
Мәмлекетимиз басшысы Шэньчжэнь қаласындағы илажлар шеңберинде Жипек жолы фондының баслығы Чжу Цзюнь менен ушырасыў өткерди.
Фонд 2014-жылы Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң басламасы менен «Бир мәкан, бир жол» жойбары шеңбериндеги саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген.
Ушырасыўда санаат кооперациясы ҳәм инфраструктураны раўажландырыўды қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын фонд пенен биргеликте жаратылған инвестициялық платформаның имканиятларын жедел иске қосыў арқалы перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы режелер көрип шығылды.
Президент Шавкат Мирзиёев «SANY» компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Сян Вэньбони қабыллады.
«SANY» самал турбиналарын ислеп шығарыўшы дүньяның жетекши 10 компаниясы қатарына киреди. Самал энергетикасы қурылмаларын ислеп шығарыў ҳәм сатыўға, самал электр станцияларын жойбарластырыў, қурыў, жумсаў ҳәм басқарыўға қәнигелескен.
Ушырасыўда компанияның Қарақалпақстан Республикасы самал электр станциясын қурыў, самал турбиналарының аўысық бөлеклерин, қурылыс ҳәм аўыр жүк техникасын ислеп шығарыўды локализациялаў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў режелери қоллап-қуўатланды.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге ерисилген келисимлер әмелге асырылыўын жеделлестириў бойынша өз алдына «жол картасы»н қабыл етиўге тапсырма берди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Шэньчжэнь қаласына сапары шеңбериндеги гезектеги ушырасыў «CSG» компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Мэн Чжэньпин менен болды.
Қытайдың электр тармақлары тараўындағы жетекши компанияларынан бири «CSG» тармақларды қурыў ҳәм басқарыўға қәнигелескен. Компанияның базар капиталласыўы 60 миллиард долларды қурайды.
Ушырасыўда перспективалы кооперация жойбарларын әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды. Қытай компаниясының қатнасыўында жойбарлаў ҳәм инжиниринг бойынша заманагөй системаларды, энергетикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм энергия тармақларында шығынларды азайтыў бойынша жоқары стандартларды енгизиўге айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетлик сапардың исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шэньчжэнь қаласында Қытайдың жетекшис «BYD» компаниясы бас резиденциясы ҳәм технологиялар орайына барды.
Бул компания заманагөй инновациялық автомобильлер ҳәм жаңа әўлад аккумулятор батареяларын ислеп шығарыў тараўында глобаллық алдынғы компаниялардың бири болып есапланады.
Сапар ўақтында компания жетискенликлерине бағышланған көргизбе, автомобильлер ҳәм басқа да түрдеги техникалардың ислеп шығарылып атырғаны ҳәм перспективалы моделлери, компанияның жаңа технологиялары ҳәм алдынғы қолланбаларының презентациясы болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы компания президенти Ван Чуаньфу менен бирге Жиззақ ўәлаятында жылына 50 мың дана гибрид ҳәм электр автомобильлерди жыйнаў бойынша жойбарды иске қосыўға бағышланған салтанатлы мәресимде қатнасты.
Президентимиз жақын келешекте базардағы талаптан келип шығып модельлер қатарын кеңейтиў ҳәм өндирис қуўатлылығын жылына 300 мың данаға шекем арттырыў зәрүр екенин көрсетип өтти.
Сондай-ақ, компанияның мәмлекетимизде «BYD» электр автобусларын жыйнаўды жолға қойыў, аўысық бөлеклерди локализациялаў ҳәм инженерлик-сервис орайларын шөлкемлестириў бағдарындағы режелери қоллап-қуўатланды.
Сапар ўақтында компания Өзбекстанға 10 мыңыншы автомобилин жеткерип бергениниң белгиси сыпатында мәмлекетимиз басшысына YANGWANG U8 автомобили саўға етилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды.
ӨзА