Кеше футбол бойынша Қатарда өткерилип Азия кубогиниң топар басқышында ең соңғы тур ойынлары болып өтти.
Атап айтқанда, Азия кубогиниң «F» топарында Саудия Арабстаны Таиланд сайланды командасы менен ушырасып, 0:0 ойнады.
Ал, топардағы екинши ойында болса, Қырғыз Республикасы футболшылары Оман менен беллести. Ойынның 1-таймының 8-минутында оманлы Мухсен ал-Гассани Қырғызстан дәрўазасын анық нышанға алып есапты ашқан болса, 80-минутта Джоэл Коджо есап «тәрези»син теңлестириўге миясар болды.
Солай етип, 3-турдан соң бул топардан Саудия Арабстаны ҳәм Таиланд сайланды командалары келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Итибарлы тәрепи сонда, плей-оффта Таиланд сайланды командасы Өзбекстан сайланды командасы менен шерек финал жолламасы ушын өз-ара гүрес жүргизеди.
«Е» топарында өткерилген 3-тур ойынларында болса, Қубла Корея сайланды командасы Малайзия менен 3:3 ойнады ҳәм өз топарында 2-орын менен келеси басқышқа жол алды.
Ал, Бахрейн болса, бул турда Иордания менен ойнап, оны 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды ҳәм топар жетекшисине айланды.
Бахрейнли футболшылар келеси басқышта Японияға қарсы майданға түседи.
Сондай-ақ, 1/8 финалда Австралия-Индонезия, Тәжикстан- Бирлескен Араб Әмирликлери, Ирак -Иордания, Қатар- Палестина, Саудия Арабстаны-Қубла Корея, Иран ҳәм Сирия сайланды командалары өз-ара шерек финал жолламасы ушын гүрес алып барады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы