Мәмлекетлик сапардың исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шэньчжэнь қаласында «SANY» компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Сян Вэньбони қабыллады.
«SANY» самал турбиналарын ислеп шығарыўшы дүньяның жетекши 10 компаниясы қатарына киреди. Самал энергетикасы қурылмаларын ислеп шығарыў ҳәм сатыўға, самал электр станцияларын жойбарластырыў, қурыў, жумсаў ҳәм басқарыўға қәнигелескен.
Ушырасыўда компанияның Қарақалпақстан Республикасы самал электр станциясын қурыў, самал турбиналарының аўысық бөлеклерин, қурылыс ҳәм аўыр жүк техникасын ислеп шығарыўды локализациялаў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў режелери қоллап-қуўатланды.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге ерисилген келисимлер әмелге асырылыўын жеделлестириў бойынша өз алдына «жол картасы»н қабыл етиўге тапсырма берди.
ӨзА